Бирге ислесиў мәселелери бойынша Қытай компаниялары менен сөйлесиў шөлкемлестирилди

Мәмлекетимизде фармацевтика тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, өндиристи локализациялаў дәрежесин кеңейтиў, дәри қуралларының экспортын раўажландырыў бойынша халықаралық бирге ислесиў кеңеймекте.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов ҳәм Қытайдың ири қурылыс компаниялары – “China State Construction Engineering Corporation” ҳәм “Cangzhou-Four Stars-Glass” кәрханасының ўәкиллери қатнасыўында онлайн сөйлесиў болып өтти.
Онда фармацевтика тармағы инфраструктурасын раўажландырыў, жаңа өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў имканиятлары бойынша пикир алысылды, делинеди Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң мағлыўматында.
Бундай бирге ислесиў мәмлекетте фармацевтика санаатын модернизациялаў ҳәм заманагөй өндиристи жолға қойыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бул бағдарларда бирге ислесиўди даўам еттириў, биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы келисимлерди раўажландырыўға таяр екенин билдирди.
ӨзА