Билимлендириўде коррупцияның алдын алыў мәселелери додаланды

11

Бүгинги күнде мәмлекетлик басқарыўдың ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында, әсиресе, жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳадаллық орталығын беккемлеў, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў және жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында оқыў процесслеринде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Илажға ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасып, билимлендириў процесинде коррупцияның алдын алыў, системада ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм филиалдағы усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Илажда филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Ҳ.Абдижалиев, Коррупцияға қарсы гүресиў “Комплаенс-қадағалаў” системасын басқарыў бөлиминиң бас қәнигеси И.Даўлетмуратовлар филиалда усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, елимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Билимлендириў системасында әдиллик, ҳадаллық ҳәм ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта. Сонлықтан да, билимлендириў мәкемелеринде студентлердиң билимин ҳәм потенциалын қалыс баҳалаў, олар ушын тең ҳәм әдил шараят жаратыў, оқыў процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында қаралып атыр. Қуўанарлысы – усы күнге шекем филиалда коррупция менен байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары жүз бермеди.

Филиалда оқыў процесслерин ашық-айдын шөлкемлестириў, баҳалаў системасында әдиллик принциплерине қатаң әмел етиў, студентлердиң мүрәжатларын системалы үйрениў ҳәм ҳәр қандай коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, студентлер менен турақлы ашық пикирлесиўлер шөлкемлестириў, мүрәжат ҳәм усынысларды үйрениў, оқыў процесслерин турақлы қадағалаў, әдалатсызлық жағдайларына маўасасыз қатнасты қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Ашық сәўбетлесиўде қатнасыўшылардың пикир-усыныслары да тыңланып, студент-жаслардың билимин баҳалап барыў бойынша системадағы жаңалықлар, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер бойынша қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги