2025-жылы 8,8 мың кибержынаят ашылған

Бүгин санлы технологиялар жедел раўажланып атырғаны менен бир қатарда, жаңа түрдеги қәўип-қәтерлер де пайда болмақта. Атап айтқанда, кибержынаятшылық ҳәўиж алып атырғаны бәршемизге белгили.
2019-жылдан баслап елимизде кибержынаятлардың түри 18 ден 62 ге көбейген. Әсиресе, зыянлы файлларды тарқатыў, банк карталары менен байланыслы алдаўшылық жағдайлары, сондай-ақ, жасалма интеллект жәрдеминде жүз берип атырған кибержынаятлар халықты айрықша қәўетерге салмақта. 2025-жылы кибержынаятлардан жәбирленгенлердиң 16 проценти жаслар екени және де қәўетерли.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен Ишки ислер министрлигиниң кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша мәлимлемеси тыңланды. Онда Орайлық банк, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, Санлы технологиялар министрликлери және Жаслар ислери агентлигиниң жуўапкерлери қатнасты.
Мәжилисте Ишки ислер министриниң орынбасары Зуфар Қурбонов кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында көрилип атырған илажларға тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2025-жыл 30-апрельдеги тийисли қарарында Ишки ислер министрлиги барлық жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленип, ишки ислер уйымларының жуўапкер бөлимлериниң сораўына тийкарланып гүманлы пул өткериў әмелиятларына байланыслы банк карталарын жеделлик пенен блоклаўға байланыслы илажларды көриў нәзерде тутылған.
Министрлик, Бас прокуратура ҳәм Орайлық банк арасында кибержынаятларға қарсы гүресиўде жеделлик пенен мағлыўматлар узатыў ҳәм келип түскен мүрәжатлар бойынша оператив илажлар көриў мақсетинде электрон мағлыўматлар алмасыў платформасын иске қосыў сыяқлы илажлар белгиленген.
Мәлим етилгениндей, министрлик системасында Киберқәўипсизлик орайы ҳәм аймақларда кибержынаятларға қарсы гүресиў басқармаларының жумысы жолға қойылған. Енди министрлик системасында Киберқәўипсизлик бойынша департамент шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
2025-жылы Орай ҳәм аймақлардағы басқармалар тәрепинен 8,8 мың кибержынаятлар ашылған, бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 5,2 есеге артқан. 1,6 мың ең қәўипли бағдарламалардың жумысы болса тоқтатылған. Нәтийжеде 13 мыңнан аслам пуқараның бузылған нызамлы мәплери тиклениўине, жеткерилген 95,4 млрд. сум материаллық зыян өз ийелерине қайтарылыўына ерисилген.
Сондай-ақ, 4,6 мың кибержынаятлар баслама менен анықланып, бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 4,2 есеге жақсыланған. Кибермәканда жәмийетлик тәртипке қәўип салыўшы 5,7 мың зыянлы контент ҳәм ресурслар анықланып, 3,8 мың интернет ресурслары ҳәм 1,6 мың алдаўшылыққа шақырыўшы зыянлы силтемелердиң жумысы басқа уйымлар менен биргеликте тоқтатылған.
Сондай-ақ, электрон мағлыўматлар алмасыў платформасы арқалы нызамсыз өзлестирилген пуллар өткерилген есапбетлерди блоклаў имканияты жаратылмақта. Атап айтқанда, 2025-жыл сентябрьден ҳәзирги күнге шекем 43,3 млрд. сум сыртқа шығыўы тоқтатып қойылды ҳәм 11,7 мың жынаятқа байланыслы есапбетлер банклер тәрепинен блокланды.
Алдаўшылықлардың алдын алыў мақсетинде Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте сырт елден келетуғын жалған қоңыраўларды шеклеў системасы да енгизилди. Нәтийжеде 2025-жылдың июль айынан ҳәзирги күнге шекем 2 миллионнан аслам жалған қоңыраўлар блокланып, жынаятлардың алдын алыўға ерисилди.
Тыңлаўда депутатлар алдаўшылық ҳәм урлық көринисиндеги кибержынаятларға және де нәтийжели гүресиў, кибер алдаўшылық пенен өзлестирилген қаржылардың республика аймағынан шығып кетиўиниң алдын алыў бойынша әмелдеги механизмлерди жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, кибержынаятлардың алдын алыўда жуўапкер шөлкемлердиң миннетлемелерин нызамшылықта анық белгилеў, шөлкемлерде қәўипсизлик мәлимлеме системаларын интеграциялаў жумысларын жеделлестириў, халықта интернет коньтентлерине сын көзқарастан таллаў көнликпелерин қәлиплестириў бойынша комплексли үгит-нәсиятлаў илажларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилип, бул бағдардағы ўазыйпалар белгилеп алынды..
Муҳтарама Комилова, ӨзА