“Ҳүкимет сааты”: Мәденият министри Озодбек Назарбеков депутатлардың сораўларына жуўап берди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында гезектеги “Ҳүкимет сааты” болып өтти. Онда “Мәденият мәкемелериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў ҳәм үгит-нәсиятлаў және мәденият тараўындағы билимлендириўди раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы мәселе додаланды.
Бул мәселе бойынша депутатлардың сораўларына Мәденият министри Озодбек Назарбеков жуўап берди.
Министрдиң атап өткениндей, мәмлекетимизде мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы тоғыз жылда усы тараўға байланыслы 4 нызам, Президенттиң 35 пәрман ҳәм қарарлары және Министрлер Кабинетиниң 98 қарары қабыл етилди. Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте “Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында”ғы және жанлы атқарыў көркем өнерин раўажландырыўға қаратылған нызамлар қабыл етилди. Сондай-ақ, тараў хызметкерлериниң статусын арттырыў мақсетинде 15-апрель – Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни етип белгиленди.
Атап өтилгениндей, мәденият инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжесинде 2 заманагөй театр, 19 мәденият орайы, 20 музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 8 қәнигелестирилген көркем өнер мектеп-интернаты ҳәм 5 жоқары билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилди.
Миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызды жас әўладқа жеткериў мақсетинде Өзбек миллий мақам көркем өнери ҳәм Республикалық бақсышылық көркем өнери орайлары шөлкемлестирилди, аймақларда үлгили мақам ҳәм бақсышылық ансамбльлериниң жумысы жолға қойылды.
Халыққа сапалы мәдений хызмет көрсетиў мақсетинде Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы, “Баҳор” мәмлекетлик аяқ ойын ансамбли, Әндижанда жаслар симфониялық оркестри ҳәм Ферғанада миллий симфониялық оркестрлердиң жумысы шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институты, Батыр Закиров атындағы Миллий эстрада көркем өнери институты сыяқлы жаңа жоқары билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилди.
29 сырт елде Өзбекстан мәденияты күнлери шөлкемлестирилген. Мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы халықаралық таңлаўларда 215 ўатанласымыз жеңимпаз болған.
“Ҳүкимет сааты”нда депутатлар мәденият мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине де айрықша итибар қаратты. Атап өтилиўинше, тараўға мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылар 2017-жылдағы 122,8 млрд сумнан 2026-жылы 1,2 трлн сумнан артып, дерлик 10 есеге арттырылған. 331 млрд сўмлық жеке меншик шериклик шәртнамалары дүзилген.
Бүгинги күнде 839 мәденият орайында 3 мың 258 дөгерек ҳәм көркем ҳәўескерлик жәмәәтлери жумыс алып бармақта. 326 музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде 90 мыңнан аслам оқыўшы билим алмақта. Улыўма, бүгинги күнде мәдений билимлендириў бағдарындағы студент оқыўшылардың саны 110 мыңнан асты.
Додалаўлар даўамында депутатлар бир қатар сораўлар менен министрге мүрәжат етти ҳәм тийисли жуўаплар берилди.
Додалаўлардан соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.
Муҳтарама Комилова, ӨзА