Өзбекстан экспортында қайсы аймақлар жетекши?

13

Өзбекстанда сыртқы саўда көрсеткишлери жыл сайын өсип бармақта.

Әсиресе, аймақлар кесиминде экспорт көлеминиң артыўы мәмлекет экономикасында өндирис ҳәм сыртқы базарлар менен байланыслар кеңейип атырғанын көрсетпекте.

Айырым ўәлаятлар санаат, қазылма байлықлар ҳәм аўыл хожалығы өнимлери есабынан экспортта жетекшилик етип келмекте.

Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылы Өзбекстанның улыўма экспорт көлеми 33,8 миллиард АҚШ долларын қураған.

Аймақлар кесиминде экспорт көлеми төмендегише (АҚШ долларында):

Ташкент қаласы – 6,6 миллиард доллар;

Ташкент ўәлаяты – 2,2 миллиард доллар;

Наўайы ўәлаяты – 1,4 миллиард доллар;

Әндижан ўәлаяты – 1,3 миллиард доллар;

Самарқанд ўәлаяты – 1,2 миллиард доллар;

Ферғана ўәлаяты – 1,1 миллиард доллар;

Наманган ўәлаяты – 722,6 миллион доллар;

Қашқадәрья ўәлаяты – 513,5 миллион доллар;

Сурхандәрья ўәлаяты – 507,5 миллион доллар;

Хорезм ўәлаяты – 435,7 миллион доллар;

Қарақалпақстан Республикасы – 435,2 миллион доллар;

Бухара ўәлаяты – 414 миллион доллар;

Сырдәрья ўәлаяты – 283,1 миллион доллар;

Жиззақ ўәлаяты – 272,3 миллион доллар.

 

Ҳамроз Баёнов,

ӨзА