Бүгин “метан заправкалар” социаллық тараў объектлери ҳәм жәмийетлик транспорт ушын жумыс алып барады

15

Бул ҳаққында Энергетика министрлигиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти. Оған бола, магистраль газ қубырларында басымды дурыслаў ҳәм нормал жағдайға келтириў жумыслары даўам етпекте.

Газ басымының төменлиги себепли, биринши гезекте халықтың турақ жайлары ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен үзликсиз тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа есапланады.

Бул илажлар халық ҳәм социаллық тараў объектлерин турақлы газ тәмийнаты менен тәмийинлеўге қаратылған.

Сондай-ақ, биржа саўдаларына шығарылып атырған автобензин ҳәм суйылтылған газ (пропан) көлеми арттырылған болып, жетерли муғдарда жеткерип берилмекте.

Жеке меншик автозаправка ийелеринен баҳаларды жасалма түрде арттырмаў, автобензинди сапа ҳәм муғдар жағынан дурыс сатыў соралады. Ўәкилликли шөлкемлер қадағалаў илажларын күшейтип, баҳалардың тийкарсыз түрде арттырылыўына жол қойылмайды.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА