Ҳаял ҳәм баланыӊ бахты – жәмийет байлығы

13

Мүнәсибет

Елимизде инсан қәдирин улығлаў, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған “Инсан қәдири ушын” принципи бүгинги күнде мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли идеялық тийкарына айланды. Бул принцип жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында, әсиресе, шаңарақ институтын беккемлеў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларда өз көринисин таппақта.

Бул бағдарда, Президентимиздиң усы жыл 3-марттағы “Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға болған басым өткериў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында”ғы пәрманы мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, шаңарақта саламат орталықты қәлиплестириў және жәмийетте ҳаял-қызлар ҳәм балалардың мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болды.

Бул ҳүжжетте неке жасына жетпеген шахслар менен ҳақыйқатында да неке қатнасықларына кириў жағдайларының, яғный ерте некелердиң алдын алыў мәселесине де айрықша итибар қаратылған. Ерте неке көп жағдайларда жаслардың билим алыў имканиятларын шеклеп қояды, олардың келешекте еркин турмысқа таярланыўына тосқынлық етеди. Соның ушын бундай жағдайлардың алдын алыў жаслардың саламат ҳәм бәркамал әўлад болып камалға келиўи ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Бунда, әсиресе, ата-аналардың өз перзентлериниң тәғдири ҳәм келешеги ушын жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе. Себеби шаңарақ – инсан тәрбиясының дәслепки ҳәм ең әҳмийетли мәканы болып есапланады. Шаңарақтағы орталық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт баланың келешекте қандай инсан болып жетилисиўинде шешиўши фактор болып есапланады.

Финанслық еркинликке ерискен, турмысқа таяр ҳәм шаңарақ қурыў жуўапкершилигин аңлайтуғын жаслар арасында неке дүзиўди қоллап-қуўатлаў болса әзелий миллий қәдириятларымызға үнлес ийгиликли мақсетлерди сәўлелендиреди. Беккем шаңарақлар жәмийеттиң турақлылығы ҳәм раўажланыўының әҳмийетли тийкары болып есапланады.

Бул пәрманда белгиленген ўазыйпалар, Өзбекстан “Адолат” социаллық-демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде де әҳмийетли болып есапланады. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў, олар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәр биримиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болыўы керек. Себеби, бахытлы шаңарақ, бахытлы ҳаял ҳәм бахытлы бала бар жәмийетте раўажланыў, абаданлық ҳәм турақлылық орнайды.

Нурлыбай Қайыпбергенов,

Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы

ӨзА