Жойбарларды экспертизадан өткериў системасын жетилистириў мәселелери додаланды

8

Президент Шавкат Мирзиёев жойбарларды экспертизадан өткериў системасын жетилистириў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

Усы жылы елимиз аймақлары ҳәм экономика тармақларына 50 миллиард доллардан аслам инвестиция тартыў, социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлердиң қурылысына 24 триллион сум бюджет қаржыларын қаратыў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде 300 триллион сумнан аслам товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерди сатып алыў режелестирилген. Бундай үлкен көлемдеги жойбарларды әмелге асырыўда оларды экспертизадан өткериў системасының жедел ҳәм сапалы ислеўи үлкен әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, әмелдеги тәртип усы талапларға толық жуўап бермей атырғаны, исбилермен ҳәм инвесторлардың қатаң наразылықларына себеп болып атырғаны атап өтилди. Соның ишинде, өткен жылы экспертизаға келип түскен 7 мың 750 ҳүжжеттиң бир бөлеги узақ мүддетлерде көрип шығылған. Айырым жағдайларда жойбарлар әҳмийети үлкен болмаған кемшиликлер себепли бир неше мәрте қайта ислеўге жиберилген.

Сонлықтан, Президент пәрманы менен Жойбарлар ҳәм импорт шәртнамаларын комплексли экспертизалаў орайы жаңадан дүзилген Санаат кооперациясы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар агентлигине өткерилди ҳәм оның жумысын трансформациялаў ўазыйпалары белгилеп берилди.

Презентацияда тараўдағы машқалалар ҳәм оларды сапластырыў бойынша ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.

Орайдың жумысы санластырылмағаны ҳәм қәўип-қәтерди таллаў көзқарасының жоқлығы себепли бир хызметкерге туўра келетуғын операциялық жүклеме артып кеткени атап өтилди. Орайда 130 хызметкер жумыс ислесе де, қәўпи төмен ҳәм стратегиялық әҳмийетли жойбарлар бир-биринен ажыратылмағаны ушын ҳәр бир хызметкерге еки күнде орташа бир жойбар туўра келмекте.

Экспертизаға келип түсип атырған ҳүжжетлердиң үлкен бөлеги баҳасы салыстырмалы түрде киши болған жойбарлардан ибарат. Сондай-ақ, көплеген ҳүжжетлер алдын көрилген жойбарларға уқсас болса да, олар қайтадан толық тәртипте көрип шығылмақта. Бул болса артықша ўақыт ҳәм ресурс жумсалыўына себеп болып атырғаны атап өтилди.

Презентацияда орайдың жумысына алдынғы тәжирийбе ҳәм әмелиятларды енгизиў усыныс етилди.

Атап айтқанда, жойбарларды көрип шығыўда қәўип дәрежеси ҳәм баҳасына қарап, дифференцияласқан тәртипти енгизиў усынысы билдирилди. Оған бола, жойбаралды ҳүжжетлерди экспертизадан өткериўде техникалық тапсырмалар көрип шығылмайды, тек ғана 15 миллион доллардан жоқары баҳадағы корпоратив ҳәм бюджет жойбарлары көрип шығылады.

Ири ҳәм мегажойбарларды параллель экспертизадан өткериў, алдынғыларына уқсас жойбар келип түскенде, тезлестирилген тәртипте көрип шығыў, физикалық ҳәм руўхый ескирген үскенелерди әпиўайыластырылған тәртипте экспертизадан өткериў, бенчмаркинг усылын қолланыў басламалары алға қойылды. Бул экспертиза процесин оптималластырып, орайдың тийкарғы итибарын стратегиялық әҳмийетке ийе ири инвестициялық жойбарларға қаратыў имканиятын береди.

Презентацияда экспертиза процесиниң қатнасыўшылары ушын хошаметлеўши механизмлерди енгизиў мәселелери де көрип шығылды. Соның ишинде, жойбарлар бойынша биринши басқышта-ақ унамлы шешим алынса ямаса жойбар бойынша билдирилген наразылықлар мүддетинен алдын сапластырылса, буйыртпашыларды хошаметлеў, экспертиза процесслерин тезлестириў ҳәм шегирмелер бериў сыяқлы илажлар усыныс етилди.

Орайдың жумысын санластырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Буның ушын салық ҳәм бажыхана уйымлары, миллий статистика системасы, экология ҳәм климатқа байланыслы мағлыўматлар базалары, сондай-ақ, қурылыс ресурсларының миллий классификаторы ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системалары менен интеграцияланған бирден-бир мәлимлеме платформасы жаратылады. Бул платформа арқалы жойбарларға байланыслы ҳүжжетлер онлайн қәлиплестирилиўи, товарлар ҳәм хызметлердиң баҳалары және техникалық көрсеткишлери жасалма интеллект жәрдеминде талланыўы белгиленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлар экспертизасы инвестициялық орталықтың әҳмийетли буўыны екенин атап өтип, бул тараўда артықша бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў, процесслерди санластырыў, сапа ҳәм жеделликти арттырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА