Ата-ана болыў – үлкен жуўапкершилик

Шаңарақ қурып, ата-ана бахтына миясар болыў процеси бир ўақыттың өзинде еркек ҳәм ҳаялға үлкен жуўапкершилик те жүклейди.
Қәнигелердиң пикиринше, жуўапкершиликли ата-ана болыў – бул перзентти тек ғана материаллық тәмийинлеў емес, ал оның физикалық, ақылый, руўхый, мәнаўий ҳәм социаллық раўажланыўында саналы ҳәм үзликсиз қатнасыўды аңлатады. Бул процесс ата-ананың бала мүтәжликлерин дурыс түсиниўи, эмоционаллық қоллап-қуўатлаўы, интизам ҳәм мийримди тең салмақлылықта сақлаўы, биргеликтеги тәрбияда белсене қатнасыўы арқалы көринеди.
Жуўапкершиликли ата-ана болыў өлшемлери ата-ананың перзент тәрбиясында саналы қатнасыўы, миннетлемелери, сөйлесиў мәденияты ҳәм жеке үлгиси сыяқлы тәреплерден ибарат.
Жуўапкер ата-ананың минез-қулқы – баланың раўажланыўы, бахытлы болыўы ҳәм жәмийетте мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлейтуғын тийкарғы фактор. Бул өлшемлер ата-ананың өзин-өзи баҳалаўы, тәрбиялық курслар ҳәм мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў ушын беккем тийкар болады.
“Шаңарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институтының илимпазларының тән алыўынша, бүгинги күнде перзент тәрбиясы тек ғана ата-ананың жеке ўазыйпасы емес, ал билимлендириў мәкемелери, денсаўлықты сақлаў системасы, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм санлы платформалар менен биргеликте әмелге асырылыўы керек болған социаллық процесске айланбақта. Соның менен бирге, бирге ислесиў технологиялары – яғный ата-ана, бала ҳәм қәнигелер арасында мәлимлеме алмасыў, муўапықластырылған ҳәрекетлерди тәмийинлейтуғын санлы ҳәм офлайн қураллар – бул процессти нәтийжели шөлкемлестириўде әҳмийетли орын ийелейди. ЮНИСЕФ анықламасына бола, жуўапкершиликли ата-аналық балалардың ҳуқықларын ҳүрмет еткен ҳалда, олардың мүтәжликлерин түсиниў, меҳир ҳәм қоллап-қуўатлаў арқалы тәрбиялаў процеси болып табылады.
Жуўапкершиликли ата-аналарды раўажландырыўда бирге ислесиў технологияларынан пайдаланыў бойынша халықаралық тәжирийбелер ата-ана, билимлендириў мәкемелери ҳәм жәмийет арасындағы бирге ислесиўдиң инновациялық түрлерин ашып береди. “Шаңарақ ҳәм гендер” илимий изертлеў институты илимпазларының излениўлерине бола, мәселен, Финляндия, билимлендириў системасында ата-аналар менен бирге ислесиў – мектепке шекемги басқыштан баслап орайлық орынды ийелейди. Бул жерде “Parent Partnership” модели тийкарында ҳәр бир бала ушын жеке раўажланыў режеси дүзиледи. Бул реже ата-ана, бала ҳәм қәнигелер (муғаллим, психолог, дефектолог) тәрепинен биргеликте ислеп шығылади. Онлайн платформа арқалы баланың раўажланыўын баҳалаў, пикир алысыў, мәсләҳәт бериў имканияты бар. “Wilma” атлы миллий мәлимлеме системасы арқалы ата-аналар баланың турмысындағы ҳәр қандай өзгерислерден хабардар болып турады.
Япония шаңарақларында перзент тәрбиясында әкелердиң қатнасыўына үлкен итибар қаратылады. Буны тәмийинлеў ушын “Smart Parenting” бағдарламасы енгизилген. Бул мобиль қосымшалар ҳәм онлайн платформалар топламы болып, баланың билим алыўы, минез-қулқы ҳәм раўажланыўын бақлаў имканиятын береди. Қосымшалар ата-анаға перзентиниң сабақтағы қатнасы, баҳалары ҳәм минез-қулқы ҳаққында реал ўақытта мағлыўмат жибереди. Балалар бақшалары ҳәм мектеплер электрон күнделиклер ҳәм фото-есаплар арқалы ата-аналарды турақлы хабардар етип барады. “Family ICT” бағдарламасы арқалы ата-аналарға мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелери үйретиледи.
АҚШта жуўапкерли ата-аналықты раўажландырыў ҳәм ажырасқан ата-аналар арасындағы бирге ислесиўди жақсылаў мақсетинде OurFamilyWizard платформасы ислеп шығылған. Бул платформа ата ҳәм ана арасында перзент тәрбиясына байланыслы барлық мағлыўматлар, календарлар, мәсләҳәтлер ҳәм ўазыйпаларды избе-из муўапықластырыўға хызмет етеди.
Канадада балалардың эмоционаллық раўажланыўына ҳәм ата-аналардың перзент пенен мүнәсибетлерин тереңлестириўге байланыслы “Roots of Empathy” бағдарламасы жүдә белгили. Бул бағдарламада ана ҳәм нәресте классларға барады ҳәм балалардың эмпатия сезимин раўажландырады. Ата-аналар да бағдарламаның модульлеринде қатнасып, баланың талапларын саналы қанаатландырыўды үйренеди.
Соңғы жыллары Өзбекстанда жуўапкершиликли ата-аналарды раўажландырыў, әсиресе, перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилигин арттырыўға байланыслы бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-марттағы “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманына 1-қосымша менен 2022-2026-жылларда ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң экономикалық, сиясий ҳәм социаллық турмысының барлық тараўларында белсендилигин арттырыў бойынша миллий бағдарлама қабыл етилди. Миллий бағдарламаны әмелге асырыўдың төртинши тийкарғы бағдары сыпатында “Шаңарақтың тәрбиялық-билимлендириў потенциалын беккемлеў, жәмийетте шаңарақлық қәдириятларды сақлаў, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталықты жақсылаў” белгиленди.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясының “Ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў” бағдары бойынша 2025-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режесиниң 43-бәнтинде “Билимлендириў мәкемелеринде, мәҳәллелерде, мийнет жәмәәтлеринде “Жуўапкерли ата-ана” жойбарын әмелге асырыў ўазыйпасы жүклетилген.
Бул тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Шаңарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институты тәрепинен тараў илимпазлары ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда “Жуўапкершиликли ата-ана болыў” жойбары ислеп шығылды. Жойбардың тийкарғы мақсети жас шаңарақларға жуўапкершиликли ата-ана болыў нормаларын енгизиў арқалы саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў системасын жетилистириўден ибарат. Жойбар шеңберинде жуўапкерли ата-аналық өлшемлери ислеп шығылды. Ата-аналарға арналған “Ата-анаға таярлық”, “Ата-ананың репродуктивлик саламатлығы”, “Ата-ананың педагогикалық-психологиялық көнликпелери”, “Ата-ананың экономикалық билимданлығы” ҳәм “Шаңарақтың руўхый-әдеп-икрамлылық орталығы” атлы методикалық қолланбалар таярланды. Ата-аналарды жуўапкершиликли ата-аналыққа үйретиў бойынша “Жуўапкершиликли ата-ана болыў” атамасында оқыў қолланбасы басып шығарылды ҳәм Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети системасы, пуқаралық ҳалаты актлерин дизимге алыў бөлимлери, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў орайларына жеткериў илажлары көрилди. “Жуўапкерли ата-ана болыў” тренинг бағдарламасы ҳәм тренерлер ушын оқыў-методикалық қолланба таярланды.
“Жуўапкерли ата-ана болыў” жойбары 3 басқышта әмелге асырылмақта. Биринши басқышта Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Нураный қоры, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлигинен ең белсенди ҳәм шешенлик шеберлиги жоқары болған, жуўапкершиликли ата-аналық бойынша билим ҳәм мағлыўматларды жеткерип бере алатуғын мақсетли фокус топарлары қәлиплестирилди. Шаңарақ ҳәм гендер илимий-изертлеў институтында тренерлерди таярлаўға қаратылған 2 күнлик оқыўлар шөлкемлестирилди.
Жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў орайларында некелениўши жасларды оқытыўға мөлшерленген “Жуўапкерли ата-ана болыў” оқыў бағдарламасы ҳәм оқыў-методикалық комплекси таярланбақта. Оқыў-методикалық комплексте жуўапкершиликли ата-ана болыў нормалары бойынша лекция текстлери, әмелий шынығыўлар, кейслер, тапсырмалар, тестлер, қадағалаў ҳәм додалаў сораўлары болады. Халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде институт тәрепинен “Жуўапкершиликли ата-ана болыў” веб-сайты ҳәм мобиль қосымшасыныӊ жаратылыўы үстинде жумыслар алып барылмақта. Веб-сайтқа жойбар шеңберинде таярланған видеосабақлар, оқыў-методикалық комплекс, методикалық қолланбалар, социаллық видеоролик жайластырылады. Электрон платформа арқалы “Жуўапкершиликли ата-ана болыў” курсын табыслы тамамлаған шаңарақларға “Шаңарақ ҳәм гендер” илимий-изертлеў институтының социаллық сертификатын бериў системасы енгизиледи.
Қәнигелердиң пикиринше, жуўапкершиликли ата-ана болыўды раўажландырыўда бирге ислесиў технологиялары нәтийжели усыл болып есапланады. Жәҳән тәжирийбеси соны көрсетеди, баланың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын ата-ана, билимлендириў мәкемеси ҳәм жәмийет арасындағы бирге ислесиўди интерактив ҳәм санлы платформалар арқалы жолға қойыў үлкен нәтийже береди. Өзбекстанда да бул тараўда дәслепки қәдемлер қойылып атырған болса да, халықаралық тәжирийбелерди бейимлестириў арқалы миллий тәрбия системасын беккемлеў имканиятының бар екенлиги итибарға ылайық.
Н.Усмонова таярлады,
ӨзА