Бәҳәрги суўықлар гүллеген тереклер ушын қаншелли қәўипли?

Бәҳәр мәўсими тәбияттың ояныў дәўири болып есапланады. Мине, усы ўақытта мийўели тереклер гүллеп, келеси өнимге тийкар салады. Бирақ айырым ўақытлары бәҳәр айларында ҳаўаныӊ температурасы кескин төменлеп, суўық түсиўи бақланады.
Бул, әсиресе, гүллеген тереклер ушын үлкен қәўип туўдырады. Себеби гүл, ғумша ҳәм жаңа пайда болған жас мийўелер жүдә нәзик болып, ҳәттеки азғана суўық та оларға үлкен зыян жеткериўи мүмкин.
Бәҳәрде тереклер гүллегеннен кейин түсетуғын суўықлар ең қәўипли агрометеорологиялық факторлардан бири болып есапланады. Себеби бул ўақытта гүл, ғумша ҳәм жас мийўелер жүдә нәзик болады.
Температура бираз төменлесе де, гүллеў дәўириндеги суўық өнимниң 50-90 процентке шекем жоғалыўына себеп болыўы мүмкин. Гүлдиӊ қурамындағы клеткалар суўға бай болады. Суўық түскенде клетка ишинде муз кристаллары пайда болады. Бул болса гүлдиң қарайып төгилип кетиўине алып келеди. Нәтийжеде шаңланыў процеси тоқтайды ҳәм мийўе байлаўы жүз бермейди.
Тереклерге түтинлик ислеў арқалы қорғаў мүмкин. Сондай-ақ, тамшылатып суўғарыў арқалы микроқабат муз пайда етиў, самаллатқыш вентильяторлардан пайдаланыў, агроволокно ямаса арнаўлы жабқышлар менен жабыў, бағ әтирапында самал тосықларын шөлкемлестириў жақсы нәтийже береди.
Бәҳәрги суўықлар – тәбияттың сынағы. Бирақ бағманлар алдыннан таярлық көрсе, өним жоғалтыўларын сезилерли дәрежеде азайтыў мүмкин.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА