Жасыл энергетиканы раўажландырыў – дәўир талабы

2

Қытайдың “Holly Technology Ltd.” компаниясының аймақлық директоры Жиан Кан ҳәм маркетинг бөлиминиң баслығы Ченг Жиан Фенг Тахтакөпир районында болып, Дәўқара АПЖ аймағындағы Бөршитаўдың төбесине 2026-2027-жыллары қуўатлылығы 50 МВт болған самал электр станциясын қурыў жойбарын әмелге асырыў имканиятларын үйренген еди. Сапар даўамында аймақта самал күши, тезлиги, даўамлылығы ҳәм басқа да тәбийғый көрсеткишлер бойынша  үйрениў жумыслары алып барылды.

Компанияның бүгинги күнге шекем өткерген излениўлери ҳәм дәслепки жуўмақлары тийкарында жойбар ушын сәйкес келетуғын самал генераторларының түрин, өлшемин ҳәм техникалық көрсеткишлерин және де тереңнен үйрениў мақсетинде Тахтакөпир районының басшылары ҳәм қәнигелери Қытайға мирәт етилди.

Хызмет сапары даўамында район ҳәкими Жамбул Адилов Қытай компаниялары менен сөйлесиўлер өткерип, аймақта самал электр станциясын қурыў бойынша келисимлерге ерисиў, сондай-ақ, район экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў, заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм аўыл хожалығы ҳәм өндирис ушын зәрүрли техникаларды импорт етиў мәселелерин додалаў режелестирилген.

Бул сапар нәтийжесинде ерисилген келисимлер Тахтакөпир районында “жасыл энергетика” жойбарларын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм аймақтың экономикалық потенциалын және де арттырыўға хызмет етиўи күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги