Пилле жетистириўшилерге субсидия ажыратылады

12

“Пилле жетистириў тараўын жаңа система тийкарында раўажландырыў ҳәм от-жем базасын беккемлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2026-жыл 1-апрельден пилле жетистириўшилерге (пиллекеш ҳәм жумысты үйге алып ислеўшилерге) “мәҳәлле жетилиги”ниң коллегиаллық қарар тийкарында пиллешилик кластери ҳақыйқатында пилле ушын төлеген қаржылардың 35 проценти муғдарында субсидия ажыратылады.

Тоғай ҳәм жасыл аймақларды көбейтиў, шөллениўге қарсы гүресиў агентлиги балансындағы жер майданларында шөлкемлестирилетуғын тут атызларында пилле кооперативин дүзиў мақсетлери ушын усы кооператив ағзасы есапланатуғын кәмбағал шаңарақларға (1 шаңарақтың 1 ағзасына тек ғана 1 мәрте) 4 миллион сумнан субсидия ажыратылады.

Жипек қуртын бағыўда зәрүр болатуғын әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын жумысты үйге алып ислеўшилерге 3 жыл мүддетке БЕМниң 50 есесине шекемги муғдарда процентсиз ссуда бериледи.

Туқымгершилик кәрханаларына жипек қурты туқымларын таярлаў жумысына тартылатуғын ҳәр бир мәўсимлик жумысшы айлық мийнет ҳақысының 50 проценти, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2 есесинен аспаған бөлеги компенсация етип бериледи.

ӨзА