Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

26

 

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли аналар, қәдирли апа-қарындаслар, дилбар қызларым!

Сизлерди, пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни менен қызғын қутлықлайман.

Инсан турмысын, жәмийеттиң раўажланыўын ҳаял-қызларсыз, олардың жақсы пазыйлетлерисиз көз алдымызға келтириўге болмайды.

Биз сизлердиң тымсалыңызда Үшинши Ренессанстың дөретиўшиси болып жетилисип атырған 22 миллионлық жас әўладты ана меҳри менен тәрбиялап, камалға келтирген уллы бир күшти көремиз.

Сизлер исбилермен, илимпаз, оқытыўшы, шыпакер, инженер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, бир сөз бенен айтқанда, шаңарақларымыздың периштеси, шаңарақ ҳәм жәмийет таянышы, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Әзиз апа-қарындаслар!

Биз елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, машқалаларын шешиў бойынша пүткиллей жаңа система жараттық. Барлық нызам, пәрман ҳәм қарарларды қабыл етиўде гендер мәселеси бойынша ҳуқықый механизмлер енгизилди.

Енди ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерине тәсири баҳаланбай турып бирде-бир нызам қабыл етилмейди.

Жаратылған кең имканият ҳәм шараятлардың есабынан 230 мыңға шамалас исбилермен ҳаял-қызлар класы қәлиплести, мийнеткеш фермер ҳаял-қызларымыз 12 мыңға жетти, илимниң раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған илимпаз ҳаял-қызларымыз 6 мыңнан асты.

Өткен жылы дүнья ареналарында мәрт қызларымыз 167 алтын, 193 гүмис, 243 қола медалын қолға киргизгени мақтаўға ылайық.

Ҳаял-қызларымыз турмысындағы мине усындай үлкен өзгерислер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Парламентлераралық аўқамның “Парламенттеги ҳаял-қызлар” рейтингинде 92 текше жоқарылап, 36-орынды ийеледи; “Гендер теңлик ҳәм басқарыў” индексинде 103-орыннан 52-орынға көтерилди; Жәҳән банкиниң “Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” есабатында болса өз позициясын 43 текшеге жақсылап, 48-орынға шықты.

Пурсаттан пайдаланып, ҳәр қыйлы тараўлардағы мийнети, таланты ҳәм ақыл-ойы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымызға, халықаралық майданларда Ўатанымызды дүньяға танытып атырған қызларымызға, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Ҳаял-қызларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў мәселеси бәрқулла итибарымыз орайында болып келмекте. Өткен жылы ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларды исбилерменликке тартыў мақсетинде 23,5 триллион сум кредит бағдарладық. Соның есабынан 425 мыңнан аслам апа-қарындасларымыз исбилерменликке тартылды.

Мысал ушын, тоқымашылық тараўында 300 ҳаялды бәнт еткен жаңаариқлы Наргиза Бекмуратова өткен жылы екинши фабрикасын ашып, және 100 жумыс орнын жаратты. Бул исбилермен қызымыз 2025-жылы Анкара қаласында өткерилген халықаралық таңлаўда “Ҳаял-қызлар ушын ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен ҳаял” номинациясының жеңимпазы болды.

Мен бундай ғайратлы қызларымызды Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери, деп билемен. Оларды ҳәр қандай қоллап-қуўатлаўға таярман. Соның ушын быйыл 166 мың ҳаял-қыз заманагөй кәсип ҳәм исбилерменликке, және 100 мыңы IT тараўына оқытылады.

Сондай-ақ, апа-қарындасларымызға өз үйинде исбилерменлик етиўи ушын “Дәраматлы ҳаял” бағдарламасын баслаймыз. Бул арқалы жетекши исбилерменлердиң жәрдеминде жумысты үйге алып ислеў, өнерментшилик, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм қыйтақ жерде өним жетистириў бағдарларында 50 мың ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленеди.

Буннан тысқары, «Ҳамроҳ» бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлардың 3 мың жойбарына жәми 1 триллион сум ажыратылады.

Улыўма,  быйыл 1,5 миллион ҳаялды дәраматлы етиў, соннан 400 мыңын бизнеске тартыў бойынша үлкен шек алғанбыз. Усы мақсетлер ушын 25 триллион сумнан аслам ресурс қаратылады. Бас министрдиң орынбасарлары Ж.Қўчқоров, З.Маҳкамова, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Б.Зоҳидов, Орайлық банк баслығы Т.Ишметов, ўәлаят ҳәкимлери бул жумысларға жуўапкер болады.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгин жоқары оқыў орнында оқып атырған қызларымыздың саны 904 мыңнан артып, жәми студентлердиң 54 процентин қурамақта.

Өткен жылы 60 қызымыз дүньядағы ең абырайлы жоқары оқыў орынларына оқыўға киргени әлбетте бәршемизди қуўандырады.

Стажёр-изертлеўшилер ҳәм докторантурада оқып атырғанлардың 8,5 мыңы, яғный, 61 процентин ҳаял-қызлар қурап атырғаны да итибарға ылайық.

Бүгинги әнжуманымызда қатнасып атырған қызларымыз – Кегейли районынан Индира Сатниязова, бухаралы Вазира Файзуллаева, наўайылы Машҳура Қудратованың халықаралық пән олимпиадаларында ерискен жетискенликлерин және бир қатар халықаралық стартап таңлаўларының жеңимпазы болған бувайдалы Дилафруз Жўрабаева абырайлы «Microsoft» компаниясының Өзбекстандағы елшиси сыпатында тән алынғанын да айрықша атап өтиў керек.

Жаңа оқыў жылынан баслап жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы ҳаял-қызларымыз ушын мәмлекетлик грант квотасын 2 есеге арттырып, 4 мыңға жеткеремиз.

ТОП-300 деги жоқары оқыў орынлары менен қоспа билимлендириў тийкарында магистратура басқышында билим алып атырған студент қызлардың контракт пуллары да мәмлекет тәрепинен төлеп бериледи.

Енди ҳәр жылы ҳаял-қызлардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў ушын кеминде 10 бағдар бойынша стартап таңлаўлары өткериледи. Онда ҳәр бир бағдар жеңимпазына Инновация қорынан 500 миллион сумға шекем грант бериледи. Мектеплердиң 11-класын питкерип, мәмлекетлик техникумларға кирген қызларды кәсипке оқытыў толық мәмлекетлик грант тийкарында болады.

Бул басламалар ҳаял-қызларымыз ушын жаңа имканиятлар есигин ашып береди, деп ойлайман.

Әзиз дослар!

Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа қарсы маўасасыз орталық жаратыў – биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Усы ҳәптеде және бир әҳмийетли Пәрманға қол қойдым. Енди ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған ҳәр қандай зорлық ҳәм күш көрсетиў жағдайларына қарсы қатаң система тийкарында гүрес алып барамыз.

Және бир әҳмийетли мәселеге тоқтап өтпекшимен. Бүгинги күнде жазаны орынлаў мәкемелеринде 2589 ҳаял жазаны өтеп атыр.

Түрли себеплерге бола, билип-билмей жынаятқа қол урған бул ҳаяллар да усы елдиң пуқаралары. Оларды жәмийетлик турмысқа қайтарыў, жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзасына айландырыў ҳаққында да терең ойлаўымыз керек.

Жазаны өтеп атырған ҳаял-қызлардың 1239 ы орта мағлыўматлы, я кәсиби, я өнери жоқ. Олардың 443 и жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў тилегин билдирген. Соның ушын бундай ҳаял-қызлар менен мәнзилли ислесиў бойынша “Жаңа өмир” бағдарламасын баслаймыз.

Ишки ислер министрлиги Кәсиплик билимлендириў агентлиги ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен жазаны өтеп атырған ҳаял-қызларды 3-6 айлық кәсип бағдарламалары бойынша оқытып, сертификат береди. Сондай-ақ, қамақтағыларға сол жердиң өзинде имтихан тапсырып, жоқары оқыў орынларына кириў ҳәм аралықтан оқыў имканиятын жаратып беремиз.

Контракт бойынша оқыўға қабыл етилгенлерге жазаны өтеп, жумысқа орналасқаннан кейин қайтарыў шәрти менен процентсиз ссуда ажыратылады.

Ҳүрметли аналар, қәдирли апа-қарындаслар!

Бүгин Жаңа Өзбекстан өз раўажланыўының жаңа басқышына исенимли кирип бармақта. Биз өз алдымызға, бәринен бурын, инсан бахты, инсан қәдири ушын хызмет ететуғын үлкен мақсетлерди қойғанбыз. Себеби, инсан бахыты – шаңарақтан басланады, шаңарақ болса ҳаял менен беккем. Келешек әўладлар мине усы муқаддес мәканда камалға келеди. Әлбетте, бул бағдарда қызларымыздың мәнаўий тәрбиясы шешиўши орын ийелейди.

Мийрим-шәпәәт, ар-намыс ҳәм ийбе сыяқлы муқаддес пазыйлетлер қызларымыздың қәлбине апалардың үгит-нәсиятлары менен киреди. Бундай шаңарақта тәрбияланған қызларымыз жүрис-турысы, әдеп-икрамлылығы ҳәм турмысқа мүнәсибети менен теңлеслерине өрнек болып келген. Бүгинги шараятта мине усы тәрбия мектебине зәрүрлик ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып тур.

Усы жерде мен оғада аўыр сынақ дәўирлеринде де қәдди бүгилмеген, пүткил өмирин шаңарағына, перзентине бағышлаған барлық аналарымызға мүрәжат етпекшимен.

Биз 2026-жылды “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”,  деп жәриялағанымыз бийкарға емес. Дүньядағы жағдай қандай қәўипли болып атырғанын бәршемиз көрип турмыз.

Бундай қыйын дәўирде елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлық Алла таала берген уллы жемис екенин және де терең сезинбектемиз. Оны қәстерлеп сақлаў болса ҳәр биримиздиң муқаддес миннетимиз.

Мине, усындай шараятта пәтия бериўши апаларымыз, ҳүрметли аналарымыз шаңарақларда бул жемистиң қәдирине жетиў, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм перзентлер, ақлықларға шүкиршилик сезимин сиңдириўде өрнек болады, деп исенемен.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Инсан ушын өз мийнетиниң жемисин көриў, тән алыныў ҳәм итибарға ерисиў үлкен бахыт.

Усы қутлы байрам алдынан елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымыздан бир топарын мәмлекетимиздиң жоқары атақ, орден ҳәм медальлары менен сыйлықлаў бойынша Пәрманға қол қойдым. Сондай-ақ, дәстүрге бола, оқыў ҳәм дөретиўшиликте, илим, спорт ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болып киятырған қызларымыздан және 28 и Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болды.

Пүткил халқымыз атынан сыйлық ийелерин және бир мәрте қутлықлайман.

Ҳүрметли апа-қарындаслар!

Соңғы жыллары сиз, әзизлер менен, халқымыз бенен бирге бурын тарийхымызда болмаған уллы ислерди әмелге асырдық.

Машақатлы, ҳадал мийнетимиз бенен пүткил дүньяның тән алыўы ҳәм ҳүрметине ериспектемиз. Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир тараў ҳәм тармақта Жаңа Өзбекстан мектеби қәлиплеспекте.

Биз ушын бүгинги оғада аўыр ҳәм қыйын заманда алдымызға қойған үлкен шеклерди ийелеўде және де бирлесип, аўызбиршиликли болып мийнет етиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Жаңа Өзбекстанды ҳаял-қызлары турмыстан разы болып, бахытлы жасайтуғын мәмлекетке айландырыў – мениң ең үлкен нийетим.

Сиздей пидайы, күш-ғайратлы, мийнеткеш ҳаял-қызларымыз, пүткил халқымыз бенен бирге ийгиликли мақсетлеримизге, әлбетте, ерисетуғынына беккем исенемен!

Сөзимниң жуўмағында пүткил Өзбекстан ҳаял-қызларын кирип киятырған гөззаллық байрамы менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, үйлериңизге тынышлық-аманлық, шаңарақлық бахыт-ығбал яр болыўын тилеймен.

Байрамыңыз мүбәрек болсын!