IT тараўындағы жетекши ҳаял-қызлар сыйлықланды

Мәлимлеме технологиялары тараўында ҳаял-қызлардың қатнасыўы ҳәм жетекшилиги жыл сайын артып, олар миллий санлы раўажланыўдың әҳмийетли ҳәрекетлендириўши күшине айланып бармақта.
Ҳаял-қызлардың IT бағдарындағы нәтийжели жумысын мүнәсип баҳалаў, оларды хошаметлеў ҳәм ерискен жетискенликлерин кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде Санлы технологиялар министрлиги тәрепинен «Yulduz Tech Awards» сыйлықлаў мәресими екинши мәрте шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстаннан Малика Хожамуратова Мәлимлеме технологиясындағы “Жас жулдыз”, Бийбиназ Төремуратова IT тараўындағы “Алдынғы ҳаял басшы” белгилерине мүнәсип деп табылды.
Бул абырайлы илаж еки жылдан берли мәлимлеме технологиялары тараўында инновациялық идеялары, профессионал жетекшилиги ҳәм жоқары нәтийжелери менен санлы келешекти қурып атырған ҳаял-қызларды мүнәсип хошаметлеп киятырғанын атап өтиў керек.
Илаж шеңберинде тараўдың алдынғы ўәкиллери сыйлықланды ҳәм жаңа талант ҳәм басламалар қоллап-қуўатланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги