Өзбекстанға суўық ҳаўа кирип келмекте
12

Мағлыўматларға бола, 9-11-март күнлери республика бойынша ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, айырым жерлерде қарға айланыўы мүмкин. Таўлы аймақларда жаўын-шашын күшли болыўы күтилмекте.
Айырым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с, ҳәттеки 22-25 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
10-12-март күнлери ҳаўаныӊ температурасы төменлеп, республика арқасында түнде 7-10° суўық, күндиз 0-3° суўық болыўы мүмкин. Қалған аймақларда болса түнде 0-3° суўық, күндиз 2-5° жыллы болыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги