Ҳаялды қәдирлеў – жақсылық ҳәм әдиллик өлшеми

Өзбекстанда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм ҳуқықларын беккемлеў, олардың билим ҳәм қәбилетин қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.
Елимизде бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда “Өзбекстан -2030” стартегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, аналықты ҳəм балалықты қорғаў, гендер теңлиги, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мəплерин тəмийинлеў бойынша бир қанша илажлар əмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, ҳаял-қызларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў, сиясий, социаллық-экономикалық турмыстағы белсендилигин буннан былай да арттырыў, олардың жəмийетлик турмыстың барлық қатламларында өз қəбилетин көрсетиўине шараятлар жаратыў, соның менен бирге, кəсип-өнерге, исбилерменликке үйретиў, социаллық қорғаўға мүтəж ҳаял-қызларға жəрдем көрсетиў мақсетинде “Ҳаяллар дəптери” жолға қойылып ҳəм бул арқалы қаншадан-қанша ҳаял-қызларымыздың машқалаларына шешим табылғанлығын айтсақ болады. Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ҳаял-қызлардың контракт төлемлерин төлеп бериў, инталы қызларымызды хошаметлеў ҳəм мүнəсип сыйлықлаў сыяқлы ислердиң əмелге асырылып атырғаны ҳаял-қызларымызға көрсетилип атырған айрықша итибардың жоқары үлгиси болып табылады.
Ҳаял-қызларды ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды иззетлеў, соның менен бирге, барлық тараўларда нəтийжели ислеп атырған ҳəм шаңарақлар беккемлигин тəмийинлеўде өз үлеслерин қосып киятырған белсенди ҳаял-қызларды хошаметлеў, үлгили кəсиплик маманлығы менен басқаларға үлги болған мийнет нураныйларын иззетлеў сыяқлы жумысларда кəсиплик аўқамлары тиккелей қатнасып, ийгиликли басламаларды əмелге асырыўда мəмлекетимизге қолқанат болмақта.
Атап айтқанда, жәмәәтлик келисимлери ҳәм шәртнамалары арқалы мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында, “Кәсиплик аўқамлары – ҳаял-қызларға” акциясы шеңберинде 5973 ҳаял-қыз ҳәм мийнет ветеранлары сондай-ақ, үйлеринде жатып қалған, майыплығы бар және социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға саўғалар ҳәм мәнзилли жәрдемлер берилгени бул бағдардағы жумыслардың айқын мысалы бола алады. Буннан тысқары “Өзбекстан бойлап саяхат ет!” ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасы тийкарында тарийхий қалаларға ҳәмде дыққатқа ылайықлы орынларға 5 мың 800 ден зыят түрли тараўларда ислеўши ҳаял-қызлардың саяхатлары шөлкемлестирилди.
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсиети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тарепинен “Ҳаялды қәдирлеў – жақсылық ҳәм әдиллик өлшеми” атамасында байрам кешеси болып өтти.
Оған республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкеме ўәкиллери қатнасты.
Илажды Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов ашты ҳәм қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлады.
Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында елимизде ҳаял-қызларымыздың жәмийеттеги орнын беккемлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Байрам кешеси даўамында Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип атырған бир қатар ҳаял-қызларға ҳәм нураний аналарымызға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.
М.Игиликова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги