Салық комитетиниң мәлимлемеси тыңланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети тәрепинен Салық комитетиниң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслары ҳәм комитет басшылығының нәтийжелилик көрсеткишлериниң орынланыўы бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Тыңлаўда Президентимиздиң Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде берилген тапсырманың орынланыўы бойынша Салық комитети тәрепинен әмелге асырылған жумыслар додаланды.
Атап өтилгениндей, Салық комитети тәрепинен әпиўайыластырылған тәртипте қосымша қун салығын қаплаўда “жасыл” коридор тәртибинде хызмет көрсетиў бойынша усыныслар ислеп шығылған. Көрсетилген хызметлер бойынша система хызметкерлерин онлайн баҳалаў әмелияты енгизилген. Сондай-ақ, тараўды санластырыў бағдарында коррупциялық факторларды автоматикалық анықлайтуғын нормалар тийкарында баҳалаў имканиятын беретуғын “Коррупциялық қәўип-қәтерлерди басқарыў” мәлимлеме системасы ислеп шығылған.
Тыңлаўда исбилерменлердиң мойнындағы салықларды есаплаў системасын санластырыў арқалы бул процессте инсан факторын қысқартыў жумысларын әмелге асырыўға байланыслы мәселелерге итибар қаратылды. Сондай-ақ, Салық комитети тәрепинен жасырын экономиканы қысқартыў бойынша базарлар ҳәм саўда комплекслеринде хатлаў өткерилип, қосымша резервлерди анықлаў бойынша усыныслар билдирилди.
Додалаўларда депутатлар қосымша қун салығының унамсыз парқын қайтарыў системасында елеге шекем коррупциялық қәўип-қәтерлер сақланып қалып атырғанынан қәўетер билдирди. Тараўда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумысларды избе-из даўам еттириў, жасырын экономика үлесин азайтыў бойынша усыныслар берилди.
Сондай-ақ, мәжилисте Салық комитети басшысы ҳәм оның орынбасарларының нәтийжелилик көрсеткишлериниң орынланыўы бойынша мәлимлемеси де тыңланды. Атап өтилгениндей, Салық комитети басшылығының нәтийжелилик көрсеткишлери 21 критерия бойынша баҳаланған. Депутатлар комитет басшылығының 2026-жылғы нәтийжелилик көрсеткишлерине жасырын жумыс орынларын легалластырыў есабынан дәрамат салығы төлеўшилер санын арттырыў критерийиниң жаңадан киргизилгенине итибар қаратты.
Муҳтарама Комилова, Носир Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА