Ушырасыўда жаңа басламалар, стартаплар ҳәм  имканиятлар додаланды

15

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Президентимиз тәрепинен алға қойылған жаслар сиясатын әмелде тәмийинлеў, жаслардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олар менен ашық пикирлесиўди жолға қойыў мақсетинде “Ректор ҳәм жаслар” ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда университет ректоры Б.Жоллыбеков университетте жумыс алып барып атырған дөгерек тренерлери, қәбилетли студент-жаслар ҳәм стартап басламашылары менен ашық сәўбетлести.

Ушырасыў даўамында жаслардың илимий изленислери, инновациялық идеялары, стартап жойбарлары ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Студент-жаслар тәрепинен оқыў процесин жетилистириў, илимий изертлеўлер ушын шараятларды кеңейтиў, жаңа дөгереклердиң жумысын жолға қойыў ҳәм стартап жойбарларды әмелиятқа енгизиў бағдарында бир қатар усыныс ҳәм басламалар алға қойылды. Университет басшысы болса бул идеяларды қоллап-қуўатлаў, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм оларды илим, инновация ҳәм исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылатуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында университетте жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар, грантлар, стартап жойбарларын қаржыландырыў, илимий ҳәм дөретиўшилик дөгереклердиң жумысын және де раўажландырыў мәселелери де додаланды. Жаслардың ҳәр бир басламасы дыққат орайында болыўы, оларды қоллап-қуўатлаў арқалы университетте инновациялық орталықты және де күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Илаж соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Бундай ушырасыўлар жаслардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы идеяларды жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе.

                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги