Жаслар менен ашық сәўбет, жаңа басламалар

Президентимиздиң елимиз жаслары менен сөйлесиўинен соң, ҳәр ҳәптениң пийшемби күни «Жаслар күни» етип белгиленген еди. Мәмлекетимиздиң жетекши күши болған жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың машқалаларын тыңлап, тийисли жәрдем көрсетиў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ушын өткерилип атырған бул илажлар жаслар турмысында үлкен өзгерислерди алып келиўи күтилмекте.
Усы мүнәсибет пенен Нөкис районы прокуратурасында жаслар ушын “Ашық есиклер күни” илажы шөлкемлестирилди. Илажда район прокуроры П.Халмуратов қатнасып, жаслар менен ашық ҳәм қызғын пикирлести.
Ушырасыў даўамында жаслардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, нызам үстинлигиниң жәмийетлик турмыстағы әҳмийети, прокуратура уйымларының ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, прокуратура системасындағы күнделикли жумыс процесслери, мүрәжатлар менен ислесиў тәртиби ҳәм нызам бузылыўларының алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында түсиниклер берилди.

Илаж даўамында тараўға узақ жыллар даўамында пидайылық пенен хызмет еткен ветеран хызметкерлердиң өмири ҳәм мийнет жолы менен бай тәжирийбеси жасларға ибрат сыпатында айтып өтилди. Бул болса қатнасыўшыларда ҳуқық қорғаў уйымларында хызмет етиўге болған қызығыўшылықты және де арттырды. Тараўда жумыс алып барыў нийетинде жүрген қызығыўшы жасларға жол жобалар берилип, олардың елимиздиң келешеги ушын мүнәсип перзентлер болып жетилисип шығыўына тилеклеслик билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги