Жуўапкерлер зәрүр дәрилерди локализациялаў мәселесин үйренип көрмеген

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Республикадағы 13 мыңнан аслам дәриханалар тәрепинен өткен жылы 24 триллион сумлық дәри қураллары сатылған. Буннан тысқары, мәмлекетлик сатып алыўлар арқалы жылына 5 триллион сумлық фармацевтика өнимлери алынбақта.
Аймақлардағы жуўапкерлер қайсы дәри-дәрмаққа қанша талап бар екенин, оның қаншасы импорт болып атырғанын есап-санақ етпегенине, ислеп шығарыўшы ҳәм импортёрлар менен ушырасып, зәрүр дәри-дәрмақларды локализациялаў мәселесин үйренип көрмегенине наразылық билдирилди.
Елимизде жәми 58 фармацевтика кәрханасы 2,5 мың түрдеги дәри қуралларын ислеп шығармақта.
Формуласы әпиўайы, өндириси онша қурамалы болмаған ибупрофен, парацетамол, диклофенак сыяқлы аўырыўды қалдырыўшы дәрилерди өзимиздеги 20 дан аслам фармацевтика кәрханалары ислеп шығармақта.
Тап усындай, артықша сертификат талап етпейтуғын қанды көбейтетуғын калий, кальций, темир, цинк, магний, йод, витамин Б, С ҳәм Д сыяқлы әпиўайы биологиялық актив затларды да тийисли сапа талаплары ҳәм стандартларға қатаң әмел еткен ҳалда өзимизде ислеп шығарыў имканияты бар.
ӨзА