Интеллектуаллық капиталды сақлап қалыў стратегиясы

11

XXI әсирде мәмлекетлер арасындағы бәсеки тәбийғый ресурслар ямаса арзан жумысшы күши менен емес, ал интеллектуаллық капитал, яғный билим, тәжирийбе ҳәм инновациялық потенциал менен белгиленбекте. Жәҳән банкиниӊ изертлеўине бола, заманагөй экономикада миллий байлықтың тийкарғы бөлеги инсан капиталының үлесине туўра келеди. Бул болса маман кадрлар ҳәм илимий потенциалды сақлап қалыў ҳәр қандай мәмлекет ушын стратегиялық мәселеге айланғанын аңлатады.

Глобаллық мийнет базары барған сайын ашылып, талантлар ушын гүрес кескинлесип атырған бир ўақытта, жоқары маманлықтағы қәнигелер миграциясы да артпақта. Халықаралық миграция шөлкеми (IOM) ҳәм OECD мағлыўматы соны көрсетеди, әсиресе, IТ, медицина, инженерлик ҳәм илим тараўларында кадрлар ағымы жеделлеспекте. “Google”, “Microsoft” ҳәм “OpenAI” сыяқлы технология гигантлары пүткил дүнья бойлап қәбилетли жасларды тартыў ушын жарыспақта. Бул процесс раўажланып атырған мәмлекетлер ушын еки түрли ақыбетти жүзеге келтиреди: бир тәрептен глобаллық тәжирийбе ҳәм дәрамат имканияты, екинши тәрептен интеллектуаллық капитал шығып кетиўи.

Өзбекстан да усы процесстен шетте емес. Кейинги жылларда елимизде жоқары билимлендириўге қамтып алыў сезилерли дәрежеде кеңейди, IТ-парклер шөлкемлестирилди, сырт ел университетлериниң филиаллары ашылды, жаслар ушын стартап бағдарламалары жолға қойылды. Унамлы өзгерислер кадрлар таярлаў системасын жетилистириўге хызмет етпекте. Интеллектуаллық капиталды сақлап қалыў стратегиясы усы жерде айрықша әҳмийетке ийе. Бүгинги жас кадр тек ғана айлық емес, ал илимий еркинлик, инновациялық орталық, профессионал раўажланыў ҳәм турақлы социаллық кепиллик излейди.

Халықаралық тәжирийбе көрсетеди, процессти ҳәкимшилик усылда тоқтатыў нәтийже бермейди. Керисинше, “brain drain”ди басқарылатуғын “brain circulation” моделине айландырыў әҳмийетли. Қубла Корея ҳәм Ҳиндстан диаспорадағы илимпаз ҳәм қәнигелер менен белсене бирге ислесиў орнатып, олардың тәжирийбесин миллий раўажланыўға бағдарлаўға ерискен. Басқаша айтқанда, талантлар грант бағдарламалары, қайтыў жойбарлары ҳәм биргеликтеги илимий орайлар арқалы билим ағымын өз мәмлекетине бағдарламақта.

Интеллектуаллық капиталды сақлап қалыў мәселеси тийкарында экономикалық өсиў пәти, инновациялық раўажланыў ҳәм миллий қәўипсизлик пенен тығыз байланыслы. Яғный, билимли ҳәм интакер әўлад мәмлекеттиң узақ мүддетли турақлылығын белгилейди. Солай екен, стратегия тек бүгинги машқалаға жуўап емес, ал келешектеги раўажланыў ушын тийкар болыўы керек.

Интеллектуаллық капиталды сақлап қалыў стратегиясының кейинги басқышы анық ҳәм ислейтуғын механизм енгизиў болып табылады. Жоқары маманлықтағы қәниге ушын бәсекиге шыдамлы мийнет ҳақы, салық жеңиллиги ҳәм социаллық кепиллик болмаса, глобаллық базар менен бәсекилесиў қыйын. Жәҳән банки ҳәм OECD изертлеўинде инсан капиталына бағдарланған инвестиция узақ мүддетте жалпы ишки өнимниң өсиўине тиккелей тәсир ететуғыны атап өтилген.

Екинши әҳмийетли бағдар – илимий ҳәм инновациялық орталықты күшейтиў. Илим грантлары, стартапларды ири муғдарда қаржыландырыў, университетлер жанында илимий лаборатория ҳәм технопарклер ашыў арқалы интеллектуаллық потенциалды ишки базарда услап турыў мүмкин. Инновациялық экосистема тек ғана жумыс орнын жаратып қоймастан, ал қәбилетли жасларға өз идеясын әмелге асырыў имканиятын береди.

Үшинши стратегиялық бағдар – диаспора менен системалы бирге ислесиў. Сырт елде жумыс алып барып атырған қәнигелер менен турақлы байланыс орнатыў, биргеликтеги илимий жойбарлар ҳәм аралықтан турып менторлық бағдарламаларын жолға қойыў “braincirculation” моделин күшейтеди.

Төртинши фактор – билимлендириў системасын экономика менен үйлестириў. Университет питкериўшиси алған билимлерин әмелиятта қоллана алыўы керек. Буның ушын жоқары билимлендириў мәкемеси ҳәм реал сектор арасында беккем бирге ислесиў зәрүр: дуал билимлендириў, әмелият бағдарламалары, корпоратив буйыртпалар тийкарында кадрлар таярлаў механизми енгизилиўи керек. Болмаса диплом базар талабына жуўап бермейди ҳәм жас қәниге сырт елден имканият излейди.

Бесинши әҳмийетли бағдар – басқарыў ҳәм институционаллық реформа. Ашық-айдын таңлаў системасы, меритократия принципи ҳәм әдалатлы лаўазым өсиўи интеллектуаллық капиталды сақлап қалыўда шешиўши әҳмийетке ийе. Жас қәниге өз мийнетиниң қәдирлениўин, кәсиплик раўажланыў жолының ашықлығын сезиўи шәрт.

Өзбекстан соңғы жыллары IТ-парклерди шөлкемлестириў, стартапларды қоллап-қуўатлаў, жоқары билимлендириўге қамтып алыўды кеңейтиў арқалы әҳмийетли қәдемлер таслады. Енди тийкарғы ўазыйпа – басламаларды бирден-бир стратегияға бирлестириў. Интеллектуаллық капиталды сақлап қалыў сиясаты өз алдына жойбар емес, ал экономикалық раўажланыў моделиниң ажыралмас бөлеги болып есапланады.

Жуўмақ сонда, ең үлкен миллий байлық есапланған билимли ҳәм интакер әўладты сақлап қалыў ушын экономикалық қоллап-қуўатлаў, илимий орталық, ашық басқарыў ҳәм глобаллық бирге ислесиў бир пүтин система сыпатында ислеўи керек. Болмаса талантлар ушын глобаллық гүресте артта қалыў қәўпи жүзеге келеди. Интеллектуаллық капиталды сақлаў бүгин емес, келешектиң стратегиялық таңлаўы болып есапланады.

Мусулмон Зиё, ӨзА