Cырдәрья ўәлаятында реформалардың нәтийжелилиги ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды
Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Соңғы жылларда әмелге асырылған жаңаланыўлар нәтийжесинде ўәлаят экономикасында әҳмийетли структуралық өзгерислер жүз бергени атап өтилди. Бурын тийкарынан аўыл хожалығына байланыслы болып қалған аймақта санаат ҳәм хызметлер тараўы жедел раўажланып, бизнес орталығы жақсыланды, алдынғы исбилерменлердиң қатламы қәлиплести.
Өткен жылы Сырдәрья ўәлаятының экономикасы 9,8 процентке өсти. Санаат өндирисинде 8,2 процентлик өсиў тәмийинленип, бул көрсеткиш бойынша ўәлаят аймақлар арасында төртинши орынды ийеледи. Халықтың жан басына жалпы аймақлық өнимниң көлеми де избе-из өсип бармақта. 2017-жылы 10 миллион сумды қураған болса, 2025-жылға келип 38,1 миллион сумға жетти, яғный дерлик 3,8 есеге артты.
Өткен жылы ўәлаятта 42 ири инвестициялық жойбар әмелге асырылып, олардың улыўма баҳасы 333 миллион доллардан артты. Бул жойбарлар шеңберинде 17,5 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Мәжилисте Сырдәрьяны Қытай тәжирийбеси тийкарында алдынғы инновациялық аймаққа айландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди. Қытай провинциялары менен тиккелей бирге ислесиў жолға қойылды.
Сондай-ақ, Корея Республикасы, Япония ҳәм Малайзияға әмелге асырылған хызмет сапарлары шеңберинде бир қатар инвесторлар менен сөйлесиўлер өткерилди, жүзлеген миллион долларлық жойбарлар қәлиплестирилди. Соның ишинде, Гүлистан районында 300 миллион долларлық шарўашылық комплекси ҳәм балалар ушын азық-аўқат ислеп шығарыў жойбары бойынша келисимге ерисилди. Янгиер қаласында Францияның “Bonduelle” компаниясы менен биргеликте азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў жойбарын иске қосыў режелестирилген.
Соның менен бирге, санлы экономика, косметика санааты, агросанаат ҳәм қайта ислеў тараўларында да жаңа инвестициялық басламалар ислеп шығылмақта. Атап айтқанда, Ширин қаласында дата-орай, Гүлистан қаласында инкубация ҳәм акселерация орайларын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар қәлиплестирилген.
Мәжилисте усы жылы ўәлаятқа 3 миллиард доллар инвестиция тартыў ҳәм экспорт көлемин 500 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Соның есабынан жалпы аймақлық өнимди 9 процентке, санаатты 8,2 процентке, хызметлер тараўын 15,4 процентке, аўыл хожалығын 6,8 процентке ҳәм қурылыс көлемин 15 процентке арттырыў режелестирилген.
Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Өткен жылы кәмбағаллық дәрежеси 11,3 проценттен 6,2 процентке түсирилди. Бирақ бул көрсеткиш еле де республикалық орташа дәрежеден жоқары екени атап өтилди.

Усы жылы исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын 10 триллион сум ресурс ажыратылмақта. Бул қаржылар тийкарында 185 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў, жумыссызлық дәрежесин 4,6 процентке шекем, кәмбағаллықты болса 3 процентке шекем қысқартыў режелестирилген. Гүлистан, Ширин, Янгиер қалалары, Сардоба, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Ховос районларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў илажлары көриледи.
Бул бағдарда “Мийнет сүйгиш ҳаял”, “Тең имканият – инклюзив бәнтлик”, “Бир мәҳәлле – бир өним” сыяқлы бағдарламалар шеңберинде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелерде жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәрамат дереклерин көбейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелери де додаланды. Жөнелтирилген 100 миллион доллар есабынан ўәлаятта 47 мектеп, 45 бақша, 35 медицина мәкемеси және 18 спорт ҳәм мәденият объектин толық оңлаў тапсырылды.
Өткен жылы Гүлистан қаласындағы 22 мың шаңарақты үзликсиз ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселеси шешилди. Мирзаобод, Сардоба, Боёвут, Хавос районлары ҳәм Янгиер қаласындағы 12 мың шаңарақ та турақлы ишимлик суўы менен тәмийинленбекте.
Инженерлик инфраструктурасын раўажландырыў шеңберинде усы жылы 349 километр электр тармақларын қурыў, 99 трансформатор орнатыў, сондай-ақ, суў тармақларын кеңейтиў есабынан халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин 89,5 процентке жеткериў режелестирилген.

Сондай-ақ, ўәлаятта турақ жай қурылысы жедел даўам еттирилмекте. 2026-жылы 3,5 мың квартирадан ибарат 80 көп қабатлы турақ жай қурыў, соның ишинде, 1,5 мың квартираны “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде қурыў және реновация бағдарламасы тийкарында жаңа турақ жайларды қурыў режелестирилген.
Аўыл хожалығындағы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди. Сырдәрьяда егислик майданлары жан басына салыстырғанда бираз көп болып, суў тәмийнаты да жақсы. Бирақ мийўе-овощ экспорты ҳәзирше 60 миллион доллардан аспай атырғаны атап өтилди.
Бул бағдарда “Сирдарё агро инвест” компаниясын шөлкемлестирип, Хавос районында суўды үнемлейтуғын ҳәм жоқары агротехнологиялар тийкарында дәраматлы егислик майданларын қәлиплестириў және оларды “таяр бизнес” түринде халыққа усыныў режелестирилген. Дәслеп 12 мың гектар жер майданында усы механизмди енгизиў нәзерде тутылған.
Усы жылы 20,8 мың гектар жер майданында суў тәмийнатын жақсылаў ҳәм 748 миллион куб метр суўды үнемлеў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте Венгрия тәжирийбеси тийкарында Хавос районындағы бир қатар мәҳәллелерде “ақыллы аўыл” пилот жойбарын әмелге асырыў мәселеси де көрип шығылды. Онда мәҳәллелерге ажыратылып атырған қаржылардың ашық-айдынлығы, қәўипсизлик, экологиялық жағдай, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлик имканиятлары ҳаққындағы мағлыўматлар ашық санлы система арқалы халыққа жеткерип бериледи.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге бир қатар анық тапсырмалар берилди. Соның ишинде, Гүлистан қаласындағы “Сырдәрья” еркин экономикалық зонасында кеминде 5 мың жумыс орнына ийе инвестициялық жойбарларды жайластырыў, қуяш панеллерин ислеп шығарыў бойынша 100 миллион долларлық жойбарды иске қосыў, “Феруз” подстанциясының трансформаторларын модернизациялаў ўазыйпалары белгиленди.
Сондай-ақ, Боёвут районында “Султонҳовуз” суў сақлағышының қурылысы бойынша техникалық-экономикалық тийкар ислеп шығыў, ўәлаят жолларын оңлаў ушын халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў, Мирзаобод районында әнарды сақлаў ҳәм қайта ислеў агрокомплексин шөлкемлестириў және заманагөй нәлшилик орайларын ашыў бойынша тапсырмалар берилди.
Президентимиз жасларды заманагөй кәсип ҳәм тиллерге оқытыўға да айрықша итибар қаратып, халықаралық стандартлар тийкарында маманлықты баҳалаў орайларын шөлкемлестириў ҳәм кеминде 2 мың жасты кәсип-өнерге таярлаў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбар халықтың дәраматы ҳәм турмыс дәрежесинде өзиниң әмелий көринисин табыўы керек екенлигин атап өтип, белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА