Педагогларды үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы жетилистирилмекте

42

Жақында Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайы тәрепинен пресс-тур шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-июньдеги «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў мәкемелери хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик раўажланыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында улыўма орта билим бериў мектеплериниң устаз-оқытыўшылары ушын кәсиплик раўажланыўының үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген «Кәсиплик раўажланыў күни» ҳәм «Кәсиплик раўажланыў сааты» илажларының барысы жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине таныстырылды.

Пресс-тур даўамында Нөкис қаласындағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жумысы менен жақыннан танысты. Билимлендириў мәкемесинде “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларының шөлкемлестирилиўи, методикалық жумыслар процеси ҳәм пәнлер кесиминде өткерилип атырған ашық сабақлар көрсетилди. Процесслерде оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, алдынғы педагогикалық қатнасларды әмелиятқа енгизиў ҳәм билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеўге қаратылған жумыслар ҳәр тәреплеме сәўлелендирилди.

Сондай-ақ, филология бағдарындағы сабақлар, педагоглар менен ашық пикирлесиўлер ҳәм “Халқым дана десем болар” дөгерегиниң жумысы ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринде үлкен қызығыўшылық оятты.

Пресс-тур шеңберинде қатнасыўшылар Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде филология пәнлери бағдарында шөлкемлестирилген “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажлары көрсетилди. Сондай-ақ, 9-класста инглис тили пәнинен ашық сабақ ҳәм 8-класта биология пәнинен әмелий шынығыў процесслери көзден өткерилди.

Ашық сабақ ҳәм әмелий шынығыўларда заманагөй педагогикалық технологиялар, интерактив методлар ҳәм де оқыўшылардың еркин ҳәм сын көзқарастан пикирлеўди раўажландырыўға қаратылған қатнаслар қолланылды.

– Улыўма билим бериў мектеплеринде “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларының шөлкемлестирилиўи биз муғаллимлерге заман менен үнлес болып, жаңа билимлендириў стратегиялары, педагогикалық технологиялар менен танысып барыў, өз үстинде ислеў, арттырылған көнликпелер арқалы оқыўшыларды халықаралық изертлеўлерге таярлаўдағы билимлерин арттырыўға хызмет етпекте, – дейди 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими Гүлмира Икметуллаева. – Елимизде әмелге асырылып атырған бундай реформалар билимлендириўдиң сапасын жаңа басқышқа алып шығары сөзсиз.

Пресс-турдың соңғы мәнзили Нөкис қаласындағы 53-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болды. Сапар даўамында мектепте рус тили ҳәм ана тили пәнлери бойынша шөлкемлестирилген кәсиплик раўажланыў илажлары, муғаллимлердиң методикалық бирге ислесиў жумыслары ҳәм 5-класста тәбийғый пәннен “Магнит күши” темасындағы ашық сабақ көрсетилди.

Ашық сабақ процесинде заманагөй педагогикалық технологиялар, интерактив усыллар ҳәм әмелий тәжирийбелер қолланылып, оқыўшылардың теманы терең түсиниўине айрықша итибар қаратылды.

– “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажлары өткен жылдың октябрь айынан берли айына еки мәрте өткерилип келмекте, – дейди 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллими Динара Орақбаева. – Усы жерде алған тәжирийбемиз ҳәм билимлерди өзлеримиздиң мектебимизде кәсиплеслеримиз бенен бөлисемиз. Оқытыўшыларымыз бундай итибардан қуўанышлы екенин олардың сабақ өтиў процесинен де байқаў мүмкин. Мен ҳәр бир муғаллимниң сабағына кирип, анализлеп усы жуўмаққа келдим.

ҒХҚ ўәкиллери мектепте муғаллимлердиң үзликсиз кәсиплик раўажланыўын тәмийинлеў, билимлендириў процесине инновациялық қатнасларды енгизиў және билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған системалы жумыслар менен жақыннан танысты.

– Өткен жылдың сентябрь айында таңлап алынған 18 пән мастер-тренерлеримиз Авлоний атындағы Педагогикалық шеберлик миллий институтында оқып, қәнигелигин арттырғанлығы ушын сертификатлар алып, өз гезегинде каскад усылында 265 ментор-оқытыўшыларға семинар-тренинг өткерди. 2025-2026-оқыў жылы Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәр бир район, қала бойынша 171 таяныш мектеплери белгиленип, ҳәзирги күнде 12 пән бағдарында тастыйықланған 36 саатлық оқыў бағдарламасы тийкарында КРК КРС илажлары өткерилип келинбекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы педагогикалык шеберлик орайының баспасөз хаткери Зарафшан Жақсымуратова. – Бул илажға 18 мастер-тренер, 265 ментор-оқытыўшылар, 6219 жетекши оқытыўшылар, улыўма билим бериў мектеплериндеги 24 417 қатнасыўшы оқытыўшылар, жәми 30 901 оқытыўшы қамтып алынды. Оқытыўшыларымыздың кәсиплик билим, көнликпе ҳәм шеберликлерин турақлы түрде арттырып барыў арқалы мектеплерде билим сапасын арттырыўға қаратылған КРК ҳәм КРС илажларында оқытыўшыларымыз “Жеке ҳәм кәсиплик раўажланыў,” “Өзин-өзи түсиниў ҳәм өзин-өзи басқарыў,” “Сабақларды мақсетли шөлкемлестириў,” “Жасалма интеллект ҳәм санлы платформалардан пайдаланыў,” “Оқытыўда Стем қатнасы” ҳәм т.б. бүгинги күнде әҳмийетли болған темаларды өзлестирип алмақта.  Педагогикалық шеберлик орайы Методикалық хызмет көрсетиў бөлими методистлери тәрепинен КРК, КРС илажларында ментор ҳәм жетекши оқытыўшыларға методикалық жәрдем көрсетип келинбекте. Бөлим методистлери тәрепинен қәнигелигин арттырыўға келген директор орынбасарлары яғный мектеп координаторларына 196 мәрте офлайн тәризде, 351 мәрте мәнзилли ҳәм онлайн тәризде, ментор-оқытыўшылар ушын 33 мәрте оқыў семинарлары өткерилди. Мастер-тренерлер, методистлер ҳәм ментор-оқытыўшылар тәрепинен 334 сабақ талқылаўлары өткерилди.  Мағлыўмат ушын, 2026-жыл 15-январьдан баслап информатика пәни муғаллимлери ушын “Кәсиплик раўажланыў күни” ҳәм “Кәсиплик раўажланыў сааты” илажларының 1-басқышы 7 районда, булар Мойнақ, Қанлыкөл, Кегейли, Бозатаў, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Елликқала районларында өткерилмекте.

Илаж соңында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин турақлы арттырыў, алдынғы педагогикалық тәжирийбелерди әмелиятқа енгизиў ҳәм билимлендириўдиң сапасын және нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған системалы жумыслар бойынша толық мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги