Өзбекстан Президенти Оман Султаны менен телефон арқалы сөйлести

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-март күни Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиўде Жақын Шығыстағы ҳәзирги қыйын жағдай додаланып, жүзеге келген турақсызлық айрықша тәшўиш оятып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан Президенти Оман аймағында жүз берген бундай ҳәрекетлерден қәўетерде екенин билдирип, Өзбекстан ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликти сиясий-дипломатиялық ҳәм тыныш жоллар менен, сөйлесиўлер арқалы шешиўдиң исенимли тәрепдары екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы Султанлықтың регионда қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырып киятырған жедел дәлдалшылық роли ҳәм избе-из ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.
Сондай-ақ, Оманда болып турған Өзбекстан пуқараларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм оларды Ўатанына қайтарыў ушын жаратылып атырған шараят ушын Султан Уллы Ҳәзиретлерине терең миннетдаршылық билдирди.
Өз гезегинде, Оман Султаны Өзбекстан жетекшисине аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик туйғылары ушын миннетдаршылық билдирип, Масқатқа болажақ жоқары дәрежедеги тарийхый сапар жоқары дәрежеде өтетуғынына исеним билдирди.
ӨзА