Шегарашылар сахнада: “Қуўнақлар ҳәм Зийреклер” жарысы болып өтти

22

Халқымызда “Күлки – кеўил шыпасы, зийреклик – ақыл айнасы” деген нақыл бар. Күнделикли жаўынгерлик таярлық ҳәм жоқары сергекликти талап ететуғын шегара хызметинде де мазмунлы дем алыў, дөретиўшилик пәрўаз ҳәм саламат бәсекиге бәрқулла орын бар.

Нөкис қаласындағы Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында мәмлекетимиздиң арқа-батыс шегараларын қорғап атырған мәрт шегарашылардың қатнасыўында “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” таңлаўы өткерилди.

Бул руўхый-ағартыўшылық илаж Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси ҳәм Қураллы Күшлер қурамындағы министрликлер менен уйымлардың биргеликтеги илажлар бағдарламасы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Таңлаўдың тийкарғы мақсети – қәбилетли әскерий жаслардың интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў, олардың мәдений дем алыўын тәмийинлеў ҳәм жәмәәтлик аўызбиршиликти беккемлеўден ибарат.

Таңлаўда үш күшли команда жеңимпазлық ушын гүресип, “Қадағалаўшы әскерлер”, “Қуўнақ шегарашылар”, “Хорезмлилер” командалары “Сәлемлесиў”, “Сораў-жуўап” ҳәм “Музыкалық шығыў” шәртлери бойынша өз шеберликлерин көрсетти.

Ҳәр бир сахна көринисинде шегарашылар турмысына тән болған нәзик юморлық, ўатансүйиўшилик идеялар ҳәм жаслық күш-ғайрат сәўлеленип, қызғын беллесиўлерге бай болды.

Қатнасыўшылардың шығыўларын “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” ассоциациясының ўәкиллери ҳәм МҚХ Шегара әскерлери сәркардалығының жуўапкер офицерлеринен ибарат төрешилер қурамы баҳалап барды. Төрешилер тәрепинен ҳәзиллердиң әҳмийетлилиги, атқарыў шеберлиги, сахна мәденияты ҳәм таңлаў қағыйдаларына қатаң әмел етилиўи сыяқлы нормаларға айрықша итибар қаратылды.

Қызғын ҳәм маўасасыз өткен беллесиўлер жуўмағында барлық шәртлер бойынша ең жоқары балл топлаған “Қуўнақ шегарашылар” командасы сыйлы биринши орынды ийеледи.

Жеңимпазларға әскерий бөлим командири тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги