Биринши мәрте некеден өтиўши жасларға жеңилликлер бериледи

27

“Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында” Президент пәрманы қабыл етилди.

Онда неке жасына жетпеген шахс пенен ҳақыйқый неке қатнасықларына кириў жағдайларының алдын алыўға ерисиў (ерте неке), ата-аналардың өзлериниң ержетпеген перзентлери ушын жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленди.

Сондай-ақ, финанслық еркинликке ерискен ҳәм шаңарақ қурыўға ҳәр тәреплеме таяр болған жаслар арасында неке дүзиўди хошаметлеў;

ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў системасын жетилистириў арқалы олардың санын кескин қысқартыў, сондай-ақ, бундай жағдайға ушыраған шахсларды қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў;

шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орынларында некелениўшилерди “турмыслық зорлықсыз бахытлы шаңарақлық турмысқа таярлаў” арнаўлы курсларында бийпул оқытыў менен қамтып алыў дәрежесин 2026-жылы 50 процентке, 2027-жылы 60 процентке ҳәм 2030-жылы 100 процентке жеткериў және бул курслардың сапасын ҳәм тәсиршеңлигин түп-тийкарынан арттырыў пәрманның тийкарғы мақсети болып есапланады.

Ҳүжжетке бола, 2027-жылдан баслап ҳәр еки тәреп кеминде 21 жасқа толғанда биринши мәрте некелескен жас шаңарақлар ушын:

– мәмлекет тәрепинен қосымша жеңиллик ҳәм басқа түрдеги қоллап-қуўатлаў илажлары усынылады;

– бул шаңарақлар Социаллық реестрге киргизилген жағдайда, шаңарақ ағзаларына олардың жумысын қоллап-қуўатлаў, раўажландырыў, дәраматларын арттырыў ямаса қыйын жағдайдан шығарыў ушын усынылатуғын финанслық жәрдемлер (субсидия, ссуда, грантлар) нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарлардан 1,5 есеге арттырылған ҳалда бериледи;

неке шәртнамасын дүзген некелениўшилерди некени дизимге алыў ушын белгиленген мәмлекетлик бажыдан азат етиў тәртиби қолланылады.

ӨзА