Студент аналар ушын “екинши имканият”

22

Ҳәмиледар студент-қызларға ямаса 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен шуғылланыўшы студентлерге жоқары билим алыў ушын “екинши имканият” жаратыў мақсетинде 2026-2027-оқыў жылынан баслап курстан курсқа қалған ямаса студентлер қатарынан шығарылған шахсларға, бурынғысынан басқаша тәризде, пәнлер парқын қайта өзлестириў шәрти менен билимлендириўди даўам еттириў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, студентлер пәнлердиң парқын өз бетинше өзлестириўи ушын қосымша мүддет берилсин ҳәм басқа да зәрүр шараятлар шөлкемлестириледи.

Бул ҳаққында “Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының қорғалыўын күшейтиў және оларға басым ҳәм зорлық жағдайларының алдын алыў бойынша қосымша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманында белгиленди.

ӨзА