Роналду Саудиядан қашқаны ҳаққындағы хабар жалған екен

24

Саудия Арабстаны “Al Nassr” клубында ойнап атырған португалиялы белгили футболшы Криштиану Роналдуның ўатанына қашып кеткени ҳаққындағы хабарлар бийкарланды.

Буның дәлили сыпатында “Al Nassr” клубы бүгинги шынығыўдан алынған сүўретти жәриялап, футболшы әдеттегидей команда менен бирге екенин тастыйықлады.

Клуб Роналдуның жеке самолёты ҳақыйқатында да мәмлекеттен шыққанын, самолётта болса оның шаңарағы болғанын атап өткен.

С.Раҳимов, ӨзА