Марҳум киши сержант Эшназаров Хосилбек Бекназар улын “Жасорат” медалы менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимиз ишки ислер уйымларындағы пидәкерлик мийнети, елимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм халқымыздың тынышлығын сақлаў, жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, қағыйдабузарлықлар профилактикасын нәтийжели әмелге асырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, муқаддес антына садық қалған ҳалда өз миннетин шын кеўилден ҳәм жоқары мақтаныш пенен орынлап, мәртлик ҳәм пидайылық үлгисин көрсеткени, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўдағы белсене қатнасыўы ушын Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасының жол-патруль хызмети инспекторы, марҳум киши сержант Эшназаров Хосилбек Бекназар улы “Жасорат” медалы менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев.