Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде ҳаял-қызларды қәдирлеў, олардың ийгиликли арзыў-нийетлерин қоллап-қуўатлаў және өзиниң қәбилети, әҳмийетли идея ҳәм басламалары, ибратлы әмелий жумыслары ҳәм ерискен жетискенликлери менен жасларға өрнек болып киятырған, социаллық-экономикалық турмысымыздағы өзгерислер процесине белсене қатнасып, елимиздиң раўажланыўы жолында бар күш-ғайратын, заманагөй билим ҳәм қәбилетин, руўхый-интеллектуаллық потенциалын көрсетип атырған қызларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
- Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жанындағы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының қәбилетли қызларын ағла минез-қулқы, айрықша таланты, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы табыслары ҳәм билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары тараўларында ҳәм жәмийетлик жумыста ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
- Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам салтанатларында лауреатлық дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
Өзбекистан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреатларының ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ибратлы жумысы, олардың айрықша талантын ҳәм ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2026-жыл 3-март
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2026-жыл 3-марттағы ПҚ-76-санлы қарарына қосымша
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлардың
ДИЗИМИ
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
Сатниязова Индира Қанияз қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти
Эримбатова Дилноза Нурулла қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 2-басқыш магистранты