Миллий мәдений орайлардың жумысы буннан былай да қоллап-қуўатланады

14

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-марттағы ПП-52-санлы пәрманы ҳәм ПҚ-115-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде Комитет баслығы К.Сариевтиң басшылығындағы жумысшы топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов пенен биргеликте Нөкис қаласында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди.

Жумысшы топар Нөкис қаласындағы «Дослық үйи»нде жайласқан 5 миллий мәдений орайдың (түркмен, рус, қазақ, украин, корейс) жумысы менен жақыннан танысты.

Бул орайларда миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў, жас әўладты миллетлер аралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик руўхында тәрбиялаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

Орайлардың материаллық-техникалық базасы, дөретиўшилик жәмәәтлери, дөгереклердиң жумысы ҳәм ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў бағдарындағы тәжирийбеси көзден өткерилди.

Миллий мәдений орайлардың жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, олардың басламаларын хошаметлеў ҳәм аймақларда миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў бойынша тийисли усыныс ҳәм көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги