Өзбекстан пуқараларына Ираннан Түркменстан арқалы транзит шығып кетиўинде жәрдем көрсетиледи

16

Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги Ираннан Түркменстан аймағы арқалы мәмлекетимизге қайтып атырған пуқараларымызға жәрдем көрсетиў илажларын көрмекте, деп хабар бермекте “Дунья” Мәлимлеме агентлиги.

Мәлим етилиўинше, Өзбекстанның Ашхабадтағы елшиханасы Түркменстан Сыртқы ислер министрлигиниң оператив штабы ҳәм ўәкилликли шөлкемлери менен тығыз бирге ислеспекте.

Өзбекстанның Ирандағы елшиханасы менен турақлы байланыс орнатылған болып, пуқараларымызды “Сарахс” Түркменстан-Иран шегара өткериў пунктинде күтип алыў ушын Елшихана хызметкерлери ҳәм автомашиналары мобилизацияланған.

Өзбекстанның Түркменстандағы елшиханасы хызметкерлериниң байланыс мағлыўматлары:

  • +993 64 78-04-44 – Жасур Ашуров
  • +993 64 99-34-58 – Жамшид Бурийев
  • +993 62 20-49-56 – Жасур Ахмедов (консул)

Қарақалпақстан хабар агентлиги