Өзбекстан – Қазақстан: өз-ара туристлер ағымын арттырыў мәселелери додаланды

Туризм комитетинде Қазақстанның “Air Astana” авиакомпаниясының ўәкиллери менен сөйлесиўлер болып өтти. Ушырасыўда Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы ҳаўа қатнаўларын кеңейтиў, жаңа жөнелислер ашыў ҳәм әмелдеги пәрўазлар санын арттырыў мәселелери додаланды.
Өзбекстанда туризм инфраструктурасын жедел раўажландырыў, заманагөй мийманханалар, мәдений-кеўилашар орынлар ҳәм транспорт-логистика қолайлықларын кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, Өзбекстанға келип атырған сырт елли туристлердиң мәмлекетимиздиң мәдений-тарийхый мийрасына, соның ишинде, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы қалаларға қызығыўшылығы артып атырғаны атап өтилди. Авиақатнаўлардың кеңейтилиўи Өзбекстанда ашылып атырған жаңа туризм объектлери, заманагөй музей-көргизбе комплекслери, реконструкцияланған тарийхый ансамбльлер ҳәм қурылған заманагөй туристлик инфраструктура менен танысыў имканиятын жаратады.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында еки тәреплеме бирге ислесиў шеңберинде сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм анық усынысларды ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА