АҚШ Иранға қарсы ҳүжимде жасалма интеллекттен пайдаланды ма?

“The Wall Street Journal” дереклерге сүйенип хабар бериўинше, Жақын Шығыстағы Америка ҳүжими “Anthropic” жасалма интеллект технологиясы ҳәм “Claude” модели жәрдеминде әмелге асырылған болыўы мүмкин.
Бул ЖИ қурылмасы CЕNТCОМ сыяқлы түрли бөлимлердиң разведка мағлыўматын баҳалаў, нышанды анықлаў ҳәм жаўынгерлик сценарийди симуляциялаў ушын қолланылады. Нәтийжеде, АҚШ Орайлық сәркардалығы Иранға қарсы ҳәзирги әмелиятта қайсы системадан пайдаланылып атырғаны ҳаққында түсиник бермеген.
Әскерий әмелиятта ЖИдан пайдаланыў тартысқа себеп болмақта, себеби Трамп 27-февраль күни тийисли агентликлерге “Anthropic” пенен ислесиўди тоқтатыў бойынша көрсетпе берген. Пентагон болса бундай ҳәрекетти миллий қәўипсизликке қәўип, тәмийнат шынжыры ушын қәўип, деп атады.
ӨзА