Бәҳәрги шаршаў ҳәм оннан шығыў жоллары

22

Бәҳәр әдетте жаңаланыў мәўсими сыпатында сүўретленеди. Тереклер бөртик шығарады, гүллер ашылады, күнлер узарады. Бирақ соған қарамастан, көпшилик әйне бәҳәр айларында өзин ҳәлсиз, шаршаған ҳәм кейпиятсыздай сезеди. Бул жағдай халық арасында “бәҳәрги шаршаў” ямаса “бәҳәрги депрессия” деп аталады.

Бәҳәрги депрессия – ўақтынша жағдай

Мәўсимлер алмасыўы инсан организмине белгили дәрежеде тәсир көрсетеди. Қыс даўамында организм суўық ҳаўа райы ҳәм қысқа күнлерге бейимлеседи. Бәҳәр келиўи менен болса биологиялық ритм өзгереди. Нәтийжеде уйқы режиминиң бузылыўы, тез шаршаў, ашыўшақлық ҳәм жумыс қәбилетиниң төменлеўи бақланыўы мүмкин.

Бул жағдай руўхый кеселлик емес, ал организмниң жаңа мәўсимге бейимлесиў процеси болып табылады. Соған қарамастан, итибарсыз қалдырылса, күнделикли турмысымызға унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

Витамин жетиспеўшилиги машқаласы

Бәҳәрги шаршаўдың тийкарғы себеплеринен бири – витамин ҳәм минерал затлар жетиспеўшилиги болып есапланады. Қыс мәўсиминде инсан рационында жаңа овощ ҳәм мийўелер муғдары азаяды. Әсиресе, D, С витаминлери ҳәм темир жетиспеўшилиги тез-тез ушырасады. D витамини қуяш нуры арқалы пайда болады. Қыс даўамында қуяш аз көринетуғынлығы себепли организмде бул витаминниң муғдары төменлейди. Бул болса иммунитеттиң ҳәм кейпияттың төменлеўине алып келеди. Сондай-ақ, темир жетиспеўшилиги де ҳәлсизлик ҳәм бас айланыўына себеп болыўы мүмкин.

Бәҳәрги шаршаўдан қутылыў ушын қәнигелердиң төмендеги усынысларын сынап көриң:

  1. Дурыс аўқатланың – рационыңызға витаминлерге бай өнимлерди, әсиресе, жасыл овощлар ҳәм мийўелерди қосың.
  2. Жетерли муғдарда суйықлық ишиң – күнине кеминде 1,5-2 литр суў ишиўге ҳәрекет етиң.
  3. Физикалық белсендиликти арттырың – әсте жүриў, жуўырыў ямаса азанғы дене шынығыўы кейпиятыңызды көтереди.
  4. Уйқы тәртибин сақлаң – ҳәр күни бир ўақытта жатып, 7-8 саат уйықлаў организмди тиклейди.
  5. Д-витаминин умытпаң – қуяш нурлары астында сейил етиў ҳәм балық өнимлерин жеў бул витамин жетиспеўшилигиниң алдын алады.

Өзиңизге ғамхорлық етиң ҳәм бәҳәрди тетик күтип алың!

 

Шоира Хайтбаева.

Бердақ атындағы ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги