Бабаджанова Айзада Байрам қызының филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Бабаджанова Айзада Байрам қызының 10.00.06 – Салыстырмалы ǝдебияттаныў, салыстырмалы тил билими ҳǝм аўдарматаныў қǝнигелиги бойынша “Инглис ҳәм қарақалпақ тиллериндеги “Family/Шаңарақ” концептиниң лингвомәдений анализи” темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дǝрежесин алыў ушын усынылған диссертациясын қорғаўы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети жанындағы илимий дǝрежелер бериўши РhD.03/2025.27.12.Fil.04.07 санлы Илимий кеӊестиӊ 2026-жыл 12-март күни саат 11:00 деги мǝжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы бас студиясында) болып өтеди.
Мǝнзил: Нөкис қаласы, Академик Ч.Абдиров көшеси 1-жай
Тел: (+99861) 223-60-47, 223-60-78, 223-58-29
Веб-сайт: www.karsu.uz
e-mail: karsu_info@edu.uz