Алиризо Арафий Иран басшысы ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы етип тайынланды

67 жаслы Алиризо Арафий басқарыў кеңесиниң ағзасы етип тайынланды, оған ўақытша жоқары басшы ўазыйпасын атқарыў тапсырылды. Ол президент Масуд Пезешкиян ҳәм Жоқарғы суд баслығы Голамҳоссеин Моҳсени Эджеи менен бирге басқарыў кеңесиниң қурамына киреди.
Арафий мәмлекетлик уйымларда тәжирийбеге ийе руўханый, сондай-ақ, Хаменеидиң исенимли ўәкили. Тайынлаўға шекем ол Экспертлер ассамблеясы баслығының орынбасары лаўазымында ислеген ҳәм абырайлы Қараўыллар кеңесиниң ағзасы болған, сондай-ақ, Иран диний билимлендириў мәкемелери системасын басқарған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги