Қарөзекли қызлар чемпион атанды

10

Нөкис қаласында спорттың волейбол түринен U-17  жастағы қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Оғада қызықлы ҳәм кескин өткен беллесиўлер жуўмағында, Қараөзек районы командасы биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан чемпионы атағына миясар болды.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынларды Мойнақ пенен Тахтакөпир районынан келген волейболшылар жеңип алыўға еристи.

Өткерилген чемпионат соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы Диплом менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы