Жаслар гезектеги сексеўил нәллерин егиў процесинде қатнасты

2

“Арал мектеби” қатнасыўшылары БМШ Раўажланыў бағдарламасының “Жасыл Арал теңизи” басламасы шеңберинде Арал теңизиниң қурыған ултанына гезектеги сексеўил нәллерин егиў процесинде қатнасты.

Экология бойынша қәнигелер ҳәм менторлар менен биргеликте олар климаттың өзгериўинен ең көп зыян көрген аймақлардың биринде деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў жумысына тиккелей үлес қосып, бул жерде егилген ҳәр бир сексеўил шор-шаң боранларына қарсы тәбийғый қалқан болып хызмет етеди, топырақты беккемлейди ҳәм экосистеманың узақ мүддетли тиклениўине тийкар жаратады, әлбетте.

Бул әмелий тәжирийбе – билимди реал нәтийжеге айландырыў қуралы. Ол билим, бирге ислесиў ҳәм климат бойынша жуўапкершиликти бир ноқатта тутастырады.

БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте әмелге асырылған бул ҳәрекет арқалы “Арал мектеби” қатнасыўшылары жаслардың белсендилиги Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты беккемлеўде қүдиретли күш екенин және бир мәрте көрсетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги