Районда канализация тармақларын жаңалаў жумысларына старт берилди

4

Хожели районының канализация тармақларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына старт берилиўи мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды халқымыз турмысында әҳмийетли орын тутатуғын ўақыялардан бири болған жаңа жойбар басланыўы мүнәсибети менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Хожели районында да кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, бир қатар социаллық ҳәм инфраструктура обектлери қурылды ҳәм көплеген өндирис кәрханалары жумыс баслады. Өткен жыллар даўамында райондағы термиттен зыян көрген 147 үйде жасап атырған пуқараларды басқа орынларға көшириў ушын 33 млрд. сум қаржы ажыратылып, пуқаралар жаңа үйлерге көширилди.

Буннан тысқары, Орайлық Азияда биринши мәрте Хожели районында нәсилли қарамаллардан эмбрион ислеп шығарыў лабораториясы иске түсирилди. Ишки ҳәм мәмлекетлик әҳмийеттеги жолларды оңлаў ушын 50 млрд. сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылмақта.

Мине усындай ийгиликли илажлардың даўамы сыпатында ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен «Жәҳән банки»ниң 78 млн. доллар қаржылары есабынан Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Хожели районларында 286 км канализация тармақлары ҳәм обектлеринде қурылыс жумысларын алып барыў нәзерде тутылған.

Бүгин Хожели районы канализация системасын жаңалаў мақсетинде басланып атырған жойбар шеңберинде 8 млн. 370 мың доллар қаржы тийкарында 94 км канализация тармақлары ҳәм 5 дана насос станциясының қурылыс жумыслары алып барылыўы режелестирилген. Бул жойбардың толық жуўмақланыўы нәтийжесинде район халқының канализация тәмийнаты ҳәзирги 4,5 проценттен – 29 процентке жеткериледи.

                                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги