ҒМДА шеңберинде “Трансшегаралық әззилик ҳәм банкротлық ҳаққында”ғы нызам таярланбақта

ҒМДА қатнасыўшы мәмлекетлердиң Парламентлераралық ассамблеясы шеңберинде “Трансшегаралық әззилик ҳәм банкротлық ҳаққында”ғы модель нызам жойбары таярланбақта.
Нызамды таярлаў бойынша жумысшы топар мәжилисинде Өзбекстан Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитетиниң баслығы Эркин Гадоев онлайн тәризде қатнасты.

Жойбардың мазмун-мәниси, оны ислеп шығыўда халықаралық тәжирийбени есапқа алыў мәселелери ҳәм бурын өткерилген додалаўлардың нәтийжелери көрип шығылды. Трансшегаралық банкротлық әмелиятына тийкарланған усыныслар усынылып, жойбар бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Жойбар халықаралық ҳуқықый қатнасықларға сүйенген ҳалда трансшегаралық банкротлық процесслеринде нәтийжели муўапықластырыўды тәмийинлеў, активлерди әдил бөлистириў және инвесторлар ҳәм кредиторлардың мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған.
Додалаў жуўмағында нызам жойбарын жетилистириў бойынша қарар қабыл етилди.
Н.Абдураимова, ӨзА