Сурхандәрья раўажланыўға қарай исенимли қәдем тасламақта

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев социаллық-экономикалық реформалар процесслери менен танысыў ушын 26-февраль күни Сурхандәрья ўәлаятына келди.
Мәмлекетимиз басшысы әмелий сапарын дәстүрге бола, Ҳәким Термизий мавзолейин зыярат етиўден баслады. Қуран оқылып, халқымызға, елимизге тынышлық-абаданлық тилеп, пәтия етилди.
Уламалар менен болып өткен сәўбетте ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшыл, ўатанласымыз Ҳәким Термизийдиң руўхый-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм ўатанласларымыз және халықаралық жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳаққында сөз болды.
Сондай-ақ, муқаддес динимиздиң жақсылық, адамгершилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы уллы пазыйлетлерин, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, сол тийкарда жас әўладты жақсы идеялар руўхында тәрбиялаў, олардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимин және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Кейинги жыллары оңланып, және де абат ҳәм гөззал комплекске айланған бул теберик орында зыяратшылар ушын барлық шараят жаратылды. Әтирап абаданластырылып, мақбарада да үлкен көлемдеги жумыслар орынланды. Заманагөй жақтыландырыўлар, ысытыў ҳәм суўытыў системалары орнатылды. Комплексте микроклимат жаратыў ушын төрт мыңнан аслам 40 түрдеги көп жыллық саяманлы терек, 20 мыңнан аслам мәўсимлик ҳәр қыйлы гүллер егилген.
Ислам илимлериниң тафсир, ҳәдис, фиқҳ, калам, ислам философиясы, суфизм тарийхы, суфизм көзқараслары сыяқлы тараўларында көплеген шығармалар жазған ойшылдың комплексин абат сақлаў, зыяратшылар ушын қолайлықларды кеңейтиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында Термиз районындағы “Қыйтақ жер мектеби”н барып көрди.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп суў хожалығында локализацияланған техника ҳәм үскенелердиң презентациясы менен танысты.
Суўды үнемлеў технологиялары ҳәм заманагөй ирригация системаларын жергиликли шараятта ислеп шығарыў арқалы қәрежетлерди азайтыў, климат өзгериўи шараятында суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, фермер ҳәм халықтың талабын жедел тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Президентимиз бул бағдарға және де көбирек итибар қаратыў, онда илимий бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлигин атап өтти.
“Қыйтақ жер мектеби” халықты өз қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, дәраматлы егин түрлерин енгизиў, өнимлерди қайта ислеў, сақлаў ҳәм қадақлаўдың заманагөй усылларын үйретиўге қәнигелескен. Мәкеме банклердиң финанслық жәрдеминде жумыс алып бармақта.
Ең әҳмийетлиси, бул жерде жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың турақлы дәрамат дерегине ийе болыўына жәрдемлесиледи. Бул процессте дийқаншылықтың илимий тийкарлары, жоқары дәраматлы өним жетистириў технологиялары ҳәм заманагөй қыйтақ жер жетистириў усыллары әмелий тәризде үйретилмекте.
Инновациялық мектеп Термиз, Музрабат, Қизириқ, Бандихон, Ангор ҳәм Жарқорған районларын қамтып алған болып, оның қурамында оқыў имараты, үш гектар ыссыхана ҳәм үш гектар оқыў-тәжирийбе майданы бар.
Ыссыханада Сурхандәрья шараятына бейимлестирилген банан, папайя, розмарин, лаванда, лимон, әнжир, брокколи, болгар бурышы ҳәм басқа да егинлер жетистирилмекте. Сондай-ақ, нәл жетистириў ҳәм гүл жетистириў жолға қойылған, тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген.
Мектепте Сурхандәрья шараятында бир жылда үш мәрте зүрәәт алыў әмелияты үйретилмекте. Оқыў процесине илимпазлар, қәнигелер ҳәм тәжирийбели дийқанлар тартылған.
Усы ўақытқа шекем 1 мың 300 ге шамалас жумыссыз ҳәм кәмбағал шаңарақ ағзасы арнаўлы курсларды тамамлап, өз қыйтақ жери ямаса ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыў арқалы өзин-өзи бәнт еткен. Ҳәким жәрдемшилери ҳәр айда 220 дан, жылына 2700 ге шекем қыйтақ жер ҳәм ижара жер ийелерин оқыўға бағдарламақта. Тынлаўшылар ушын жоллама ямаса ваучер системасы арқалы оқыў қәрежетлери қаплап бериледи.
Курс қатнасыўшыларына жоқары дәраматлы егинлер егиў ҳәм бир сотых жерден орташа 10-15 миллион сум дәрамат алыў методикасы әмелиятта көрсетиледи. “Агростар” компаниялары болса тыңлаўшыларды туқым ҳәм нәллер менен тәмийинлеп, жетистирилген өнимлерди сатып алыўды шөлкемлестиреди.
Мәмлекетимиз басшысы мектепте қыйтақ жерден үш мәрте өним алыў әмелияты, санаатласқан бағлар ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялардың презентациясы менен танысты. Мийўе-овощларды қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланыўшы исбилерменлер менен сөйлесип, қайта ислеў ҳәм қосымша қун жаратыў, аймақ ушын жаңа болған өсимликлер, соның ишинде, цитрус ҳәм тропикалық мийўелер жетистириўди өзлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Жаратылып берилип атырған имканиятлардан, ажыратылып атырған қаржылардан ақылға уғрас пайдаланып атырған ўәлаятта халықтың молшылық пенен, абадан жасаўына жаңадан-жаңа идеялар тийкарында қатнас жасалып атырғаны адамлардың дәраматын арттырып, аймақлардың кәмбағаллық дәрежесин төменлетпекте. Соның ишинде, буннан еки жыл алдын ўәлаяттың кәмбағаллық дәрежеси 10,5 процентти қураған болса, өткен жылдың жуўмағы менен бул көрсеткиш 4,5 процентке түсти. Быйыл ўәлаяттың кәмбағаллық дәрежесин 2,8 процентке түсириў мөлшерленбекте.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Термиз қаласында “Тўпаланг” суў сақлағышының суўынан пайдаланыў есабынан Сурхандәрья ўәлаятында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў жойбарының әмелий нәтийжелерин көзден өткерди.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде суў хожалығы системасын реформалаў, ирригация инфраструктурасын жаңалаў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Сурхандәрья ўәлаятында әмелге асырылып атырған 287 миллион долларлық бул мегажойбар да тараўда ерисилип атырған нәтийжелерден бири болып есапланады.
Бул баслама шеңберинде өткен жыллар даўамында үлкен көлемдеги қурылыс, монтажлаў жумыслары әмелге асырылды. Заманагөй механизмлердиң жолға қойылыўы нәтийжесинде бүгин минералларға бай ишимлик суўы ўәлаяттың он районы ҳәм Термиз қаласына үзликсиз жеткерип берилмекте.
Сурхандәрьяда орайласқан ишимлик суўы менен қамтып алыў сегиз-тоғыз жыл алдын 47 процент еди. Бүгин бул сан 67,5 процентке шекем артыўына ерисилди. Нәтийжеде халықтың суў тәмийнатындағы жағдайы тек ғана муғдар емес, ал сапа жағынан да сезилерли дәрежеде жақсыланды.
Президент бундай ири энергетикалық, технологиялық ҳәм социаллық нәтийжели жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлигин атап өтти. Бундай тәжирийбелерди келешекте мәмлекеттиң басқа аймақларында да қолланыў мүмкин екенлигине итибар қаратты.
Техникалық жақтан жойбардың үлкен жетискенлиги 246 километр магистраль ҳәм ишки тармақтың қурылыўы болды. Әҳмийетлиси, гидравликалық есаплаўлар тийкарында басымды насоссыз узатыў имканияты жаратылды. Бул тек ғана энергия жумсалыўын кескин азайтып қоймастан, ал системаның турақлылығын тәмийинлейди. Әйне усы инновациялық қатнас себепли Термиз қаласы, Ангор, Бандихон, Қизириқ, Шерабад ҳәм Музработ сыяқлы район орайларына суў электр энергиясын жумсамай жеткерип берилмекте.
Бул басламаның нәтийжесинде бүгинги күнде 223 мәҳәлледе турмыс суўы тәмийнаты беккемленди. Суўдың қаттылық дәрежеси болса еки есеге шекем азайтылды. Сапа артыўы халықтың саламатлығы ҳәм турмыслық үскенелердиң хызмет мүддетин созыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.
“Арқа” суў өндирислик объектинде шөлкемлестирилген геомәлимлеме орайы болса системаның реал ўақытта қадағаланыўына шараят жаратты. Басымның төменлеўи, авария жағдайлары, суў жоғалтыўы сыяқлы мәселелерди бир неше минутта анықлаў имканияты туўылды.
Суў тәмийнаты жақсыланғаны себепли аймақлардағы жүзден аслам жер асты суў қудықларынан пайдаланыўға зәрүрлик қалмады. Бул экологиялық жүкти азайтады.
Сондай-ақ, жойбар нәтийжесинде жылына 18,4 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемлеп қалынады. Бул қаржы ҳәм ресурслар жағынан 18,5 миллиард сум үнемленетуғынын аңлатады. Тутыныўшылардың биллинг системасына жалғаныўы болса суўды есаплаўда ашық-айдынлықты арттырды, қарыздарлықты азайтты.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жердеги 10 гектар майданда 6418 киловатт-саат қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде ўәлаяттың гидроэнергетика көрсеткишлери ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлардың презентациясы менен танысты. Ўәлаятта еле шешилмеген суў тәмийнаты мәселелерин жедел шешиў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, ески насос агрегатларын энергияны үнемлейтуғын технологияларға алмастырыў, тармақларды модернизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Жарқорған районында қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” массивин барып көрди.
Мәмлекетимизде халық ушын мүнәсип жасаў шараятларын жаратыў, заманагөй ҳәм ықшам турақ жайлар қурыў жумыслары избе-из кеңеймекте. Президенттиң 2021-жыл 12-октябрьдеги пәрманына муўапық “Жаңа Өзбекстан” массивлериниң қурылысы ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары әмелге асырылмақта.
Заманагөй қала қурылысы талаплары тийкарында қурылып атырған усындай жойбарлардан бири Сурхандәрья ўәлаятының Жарқорған районында бой тиклемекте.
Шөл аймағын өзлестириў есабынан қурылып атырған массивтиң 50 гектарында 116 көп қабатлы турақ жай қурылысы режелестирилген. Ҳәзирги ўақытқа шекем поликлиника, 180 орынлық бақша, 330 орынлық мектеп ҳәм мәҳәлле имараты пайдаланыўға тапсырылып, 68 турақ жайдағы 1,5 мың шаңараққа халық көшип кирди.
Сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары ҳәм инглис тили оқыў орайы жумыс баслаған, 7 микро орай және 5 саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў объекти қурылған. Ишимлик суўы, ыссылық тармақлары, 3 километрге шамалас газ қубыры тартылып, 250 киловаттлы трансформатор орнатылған. 4,5 гектар жерге саяманлы ҳәм мийўели тереклер, дала аймағындағы 300 гектар майданға болса сексеўил өсимликлери егилген.
Келешекте бул жерде және 50 ге шамалас жай қурылыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, усы жылы және 14 (280 квартиралы) көп қабатлы турақ жай, жаңа жоллар, дем алыў бағы қурыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының алып барылыўы режелестирилген.
Елимизде заманагөй турақ жай қурылысына қаратылып атырған жоқары итибар ўәлаяттың урбанизация дәрежесин 35,6 проценттен 36,2 процентке өсирди. Ҳәзирги ўақытта ўәлаяттағы 1 мың 722 көп қабатлы турақ жайдағы 44 мың квартирада 160 мыңнан аслам адам жасап келмекте. 2018-жылға шекем ўәлаятта 1 мың 240 тан аслам көп қабатлы жай бар еди. Кейинги 9 жылда 481 аспан көтермели турақ жай имараты қурылып пайдаланыўға тапсырылды. Турақ жай фонды 603 мыңға жетип, халықтың турақ жай менен тәмийинлениў дәрежеси 69 процентти қурады. Усы жылы және 9 мың 500 квартиралы 172 көп қабатлы жай бой тиклейди.
Сапар етиў ўақтында Президентимиз массив аймағында жумыс алып барып атырған “Янги ёшлар” басқарыў сервис компаниясының жумысы менен танысты. Компания райондағы 161 көп қабатлы жайға хызмет көрсетеди, соннан 54 и усы массивте жайласқан. Аймақтағы көп қабатлы турақ жайлардың төбесине 5-15 киловаттлы қуяш панельлери орнатылған.
Инклюзив билимлендириў ҳәр бир баланың, физикалық ямаса руўхый жағдайына қарамастан, мектепке барыўын ҳәм сапалы билим алыўын тәмийинлеўди нәзерде тутады.
Мәмлекетимиз басшысы массивтеги 66-мектепте жаратылған шараятлар, атап айтқанда, майыплығы болған балалар ушын шөлкемлестирилген имканиятлар менен танысты.
Мектепте бүгин 500 ден аслам оқыўшы билим алмақта. Майыплығы болған балаларды заманагөй стандартлар тийкарында оқытыў ушын айрықша көзқараслар енгизилген, 50 ге шамалас қәниге ҳәм педагоглар жумыс алып бармақта. Мектеп ҳәўлиси, жоллар, оқыў ханалары, аўқатланыў ханасы, спорт залы ҳәм емлеў ханасы зәрүр шараятлар менен тәмийинленген.
Мәмлекетимиз басшысы мектепте жаратылған шараятлар менен танысып, жасалма интеллект, санластырыў менен байланыслы бағдарлардың бүгинги жаслардың турмысы, келешеги ушын қаншелли әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.
– Жасалма интеллектке оқытыў бағдарламаларын бийкарға мектеп билимлендириўине енгизип атырғанымыз жоқ, оқыўшылар жоқары билимлендириў мәкемелери, мийнет базары ҳәм келешек кәсиплерине таяр болып барыўын қәлеймиз, – деди Президент.
Буннан соң Президентимиз массивтеги шет тиллери ҳәм мәлимлеме технологиялары оқыў орайын көзден өткерди.
6,5 миллиард сум есабынан қурылған 400 орынлық комплекс жылына 2 мыңнан аслам жасқа билим алыў ҳәм жойбарлар үстинде ислеў имканиятын береди. Бул жерде 200 ге шамалас оқыўшы компьютер саўатлылығы ҳәм фронт-енд бағдарларын табыслы жуўмақлап, сертификат алған. 150 ге шамалас оқыўшы IELTS имтиханларында В2 ҳәм оннан жоқары нәтийжелерди көрсеткен. Орайда 20 ға шамалас қәниге жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысы жасларды илимге бағдарлаў, соның ишинде, шет тиллерин үйретиўге қаратылған бундай комплекслердиң әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
– Бүгин бундай орайлардың келешек умтылысларын қоллап-қуўатлаўымыз, керек болса, олардың ҳәрекетлерин бирлестирип, сырт елли шериклер менен байланыстырыўымыз зәрүр. Сонда ғана ата-аналар перзентлерин исеним менен мине усындай орайларда оқытады, – деди Президент.
Бәҳәр жақынласыўы менен аймақларда бәҳәр байрам сейиллерин шөлкемлестириў дәстүрге айланған. Президентимиз массивтеги сүмелек сейилине қатнасып, халық пенен бирге қуўанышлы кейпиятта болды, бул жерде жасап атырған инсанлардың қызғын пикирлерине қулақ түрди.
– Бүгин дүнья жәмийетшилиги Өзбекстанға ҳүрмет пенен қарамақта, халқымыз ушын жаратылып атырған шараятларды көрип, реформалардың нәтийжесине гүўа болмақта. “Жаңа Өзбекстан” массивлери де адамларымыз абадан турмыс кешириўи, ықшам турақ жайларда жасаўы ушын қурылмақта. Мен бәрқулла “билимлендириў-билимлендириў” деп бийкарға айтып атырғаным жоқ. Билимимиз, мине, усындай дөретиўшилик мийнетимиз бенен елимиздиң абырай-мәртебесин және де арттырып, дүньяда мүнәсип орын иелеймиз. Сурхандәрьяның халқы мийнеткеш, кеңпейил, бул жерде еле көп жаңалықларды әмелге асырамыз, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы Сурхандәрья ўәлаятында ислеп шығарылып атырған өнимлер көргизбеси ҳәм сырт ел инвесторлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған ири жойбарлардың презентациясы менен де танысты.
Кейинги жыллары ўәлаятта исбилерменлик жедел раўажланып, инвесторлардың аймаққа қызығыўшылығы барған сайын артпақта.
Өткен жылы ўәлаяттың жалпы аймақлық өниминиң көлеми 63,7 триллион сумға жетти. Ири санаат кәрханалары дерлик 30 ға, киши кәрханалар 4 мың 820 ға жеткерилип, 18,8 триллион сумлық өним ислеп шығарды. 2,1 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Дүньяның 37 мәмлекетине 483 миллион долларлық өним ҳәм хызметлер экспорт етилди.
Мәмлекетимиз басшысына таныстырылған жойбарлар ўәлаят экономикасының түрли тармақларын қамтып алған. Турақ жай қурылысы, таў-кән санааты ҳәм геология, жеңил санаат, азық-аўқат, энергетика, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика, билимлендириў, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында жаңа қуўатлықларды иске қосыў нәзерде тутылған.
Улыўма баҳасы дерлик 1,6 миллиард доллар болған жойбарлар Россия, Қытай, Түркия, Пакистан, Япония, Германия, Ҳиндстан, Монголия менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы инвесторлар менен сәўбетлести.
Буннан соң жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында Сурхандәрья ўәлаятында улыўма баҳасы 7,1 миллиард доллар болған 44 жойбарды иске қосыў ҳәм баслаўға бағышланған мәресим болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, таў-кән санааты, геология, жеңил санаат, мебель қурылысы, азық-аўқат, хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларында жаңа жойбарлардың қурылысы ҳәм жумысын баслап берди.
Соның ишинде, Қытай, Түркия, Ҳиндстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм жергиликли инвесторлардың қатнасыўында 741 миллион долларлық 13 жойбар иске қосылды.
Сондай-ақ, Австрия, Германия, Нидерландия, Қытай, Ҳиндстан, Бирлескен Араб Әмирликлери, Россия ҳәм Аўғанстан мәмлекетлери менен биргеликте 6 миллиард 300 миллион долларлық 31 жойбар бойынша қурылыс жумыслары басланды.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы есабынан 18 мың жаңа жумыс орнын жаратыў, 82 триллион сумлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм соның нәтийжесинде 1 миллиард 400 миллион долларлық өнимлерди экспорт етиў имканияты пайда болады.
Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында әскерий бөлимде де болды.
Мәмлекетимиздиң қорғаныў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар әскерлердиң жаўынгерлик потенциалы ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторлардың жумысын буннан былай да арттырыўда әҳмийетли факторға айланбақта.
Бул бөлимде де әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў ушын барлық шараят жаратылған. Оқыў имаратлары, асхана, жатақхана, руўхый-ағартыўшылық ханалары, спорт қалашасы ең заманагөй техника ҳәм үскенелер менен тәмийинленген.
Ҳәзирги күнде түрли регионаллық келиспеўшиликлерде жасалма интеллект, робот, ракета, дрон ҳәм оларға қарсы қураллар кеңнен қолланылмақта. Соннан келип шығып, Жоқарғы Бас Сәркарда тәрепинен әскерлерде дронлар ҳәм оларға қарсы гүресиў, жасалма интеллект пенен ислейтуғын киберқурылмалар, роботластырылған техникаларды қолланыў ҳәм ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў бойынша жаңа бөлимлерди шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылған еди.
Бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылмақта, миллий армиямыз заманагөй қурал-жарақлар менен тәмийинленбекте.
Мәмлекетимиз басшысы әскерий бөлимде жаратылған шараятлар, әскерий техника ҳәм қурал-жарақлар, соның ишинде, заманагөй ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў комплекслерин көзден өткерди.
Миллий армиямызды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеўде заманагөй қураллы келиспеўшиликлер, қәўипсизлигимизге бар қәўип-қәтерлер ҳәм әскерий ҳәрекетлер театрының өзгешеликлерин есапқа алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын арттырыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, жеке қурамның таярлығын арттырыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын избе-из даўам еттириў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Термиз қаласында қурылған этноқалашаға барды.
Бул жойбар Сурхандәрья тарийхы, өнерментшилиги ҳәм дәстүрий көркем өнери үлгилерин көрсетиў ушын заманагөй инфраструктураға ийе жаңа мәдений орай сыпатында жаратылды.
Комплекс 10 миллион долларлық инвестиция есабынан қурылды. Алты гектар майданда тарийхый көринистеги имаратлар, шаңарақлық мийман үйи, домбыра устаханасы, бақсышылық экспозициясы, миллий тағамлар рестораны, балалар ушын ойын майданша ҳәм музыкалы фонтанлар бой тиклеген.
Қалаша жылына 180 мың туристке хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе, бул жерде 250 адамға турақлы жумыс орынлары жаратылады. Мийманлар тек ғана өнерментлердиң өнимлерин сатып алыўы емес, ал олардың жумысын бақлаўы да мүмкин.
Президентимиз туризм орайында жаратылған шараятлар менен танысты, өнерментлер менен пикирлесип, келиўшилер ушын шөлкемлестирилген көркем бағдарламаны тамашалады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сурхандәрья ўәлаятына сапары даўам етпекте.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Холмўмин МАМАТРАЙИМОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары