Сурхандәрьяда қыйтақ жерден жылына үш мәрте өним алыў әмелияты кеңеймекте

Президент Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына сапары ўақтында Термиз районындағы “Қыйтақ жер мектеби”ниң жумысы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп суў хожалығында локализацияланған техника ҳәм үскенелердиң презентациясы менен танысты.

Суўды үнемлеў технологиялары ҳәм заманагөй ирригация системаларын жергиликли шараятта ислеп шығарыў арқалы қәрежетлерди азайтыў, климат өзгериўи шараятында суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, фермер ҳәм халықтың талабын жедел тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Президентимиз бул бағдарға және де көбирек итибар қаратыў, онда илимий бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

“Қыйтақ жер мектеби” халықты өз қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў, дәраматлы егин түрлерин енгизиў, өнимлерди қайта ислеў, сақлаў ҳәм қадақлаўдың заманагөй усылларын үйретиўге қәнигелескен. Мәкеме банклердиң финанслық жәрдеминде жумыс алып бармақта.

Ең әҳмийетлиси, бул жерде жумыссыз ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың турақлы дәрамат дерегине ийе болыўына жәрдемлеседи. Бул процессте дийқаншылықтың илимий тийкарлары, жоқары дәраматлы өним жетистириў технологиялары ҳәм заманагөй қыйтақ жер жетистириў усыллары әмелий тәризде үйретилмекте.

Инновациялық мектеп Термиз, Музрабат, Қизириқ, Бандихон, Ангор ҳәм Жарқорған районларын қамтып алған болып, оның қурамында оқыў имараты, үш гектар ыссыхана ҳәм үш гектар оқыў-тәжирийбе майданы бар.

Ыссыханада Сурхандәрья шараятына бейимлестирилген банан, папайя, розмарин, лаванда, лимон, әнжир, брокколи, болгар бурышы ҳәм басқа да егинлер жетистирилмекте. Сондай-ақ, нәл жетистириў ҳәм гүл жетистириў жолға қойылған, тамшылатып суўғарыў системасы енгизилген.

Мектепте Сурхандәрья шараятында бир жылда үш мәрте зүрәәт алыў әмелияты үйретилмекте. Оқыў процесине илимпазлар, қәнигелер ҳәм тәжирийбели дийқанлар тартылған.

Усы ўақытқа шекем 1 мың 300 ге шамалас жумыссыз ҳәм кәмбағал шаңарақ ағзасы арнаўлы курсларды тамамлап, өз қыйтақ жери ямаса ижара жерлеринен нәтийжели пайдаланыў арқалы өзин-өзи бәнт еткен. Ҳәким жәрдемшилери ҳәр айда 220 дан, жылына 2700 ге шекем қыйтақ жер ҳәм ижара жер ийелерин оқыўға бағдарламақта. Тынлаўшылар ушын жоллама ямаса ваучер системасы арқалы оқыў қәрежетлери қаплап бериледи.

Курс қатнасыўшыларына жоқары дәраматлы егинлер егиў ҳәм бир сотых жерден орташа 10-15 миллион сум дәрамат алыў методикасы әмелиятта көрсетиледи. “Агростар” компаниялары болса тыңлаўшыларды туқым ҳәм нәллер менен тәмийинлеп, жетистирилген өнимлерди сатып алыўды шөлкемлестиреди.
Мәмлекетимиз басшысы мектепте қыйтақ жерден үш мәрте өним алыў әмелияты, санаатласқан бағлар ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялардың презентациясы менен танысты. Мийўе-овощларды қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен шуғылланыўшы исбилерменлер менен сөйлесип, қайта ислеў ҳәм қосымша қун жаратыў, аймақ ушын жаңа болған өсимликлер, соның ишинде, цитрус ҳәм тропикалық мийўелер жетистириўди өзлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
ӨзА