Джакартада және еки медаль қолға киргизилди

11

Индонезияның пайтахты Джакарта қаласында өткерилип атырған Азия чемпионатында мәмлекетимиз спортшылары және еки медальды қолға киргизди.

Атап айтқанда, жерлесимиз Алпамыс Орақбаев чемпионаттың финалына шекем сингапурлы, қазақстанлы, қытайлы ҳәм мәмлекетимиз сайланды командасы ағзасы Азиз Кәримбаевларды жеңип шығыўға еристи.

Ал, Артур Бегжанов болса, қытайлы, ҳиндстанлы, еки мәрте кореялы қылышпазларды жеңип, ярым финалда чемпионат жеңимпазы болған гонконглы спортшыға жеңилип қола медалын қолға киргизди.

Жеңимпаз спортшыларымыз ҳәм олардың тренерлерин бул үлкен жеңис пенен қутлықлаймыз.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы