“Жаслар дәптери” қорынан жәрдем көрсетиў тәртиби белгиленди

14

Ҳүкиметтиң усы жыл 25-февральдағы 78-санлы қарары менен Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 7-июньдеги 312-санлы қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Оған бола, “Жаслар дәптери”не турақлы ямаса ўақтынша жасаў орнына бола, 14 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған (31 жасқа толмаған) төмендеги категориядағы жаслар киргизиледи:

  • Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлардың ағзалары;
  • шаңарағының айлық дәраматы шаңарақ ағзаларының ҳәр бирине минимал тутыныў қәрежетлери муғдарының 2 есесинен көп болмаған.

Арза бериўши “Жаслар дәптери”не кириў ҳәм социаллық жәрдемлерден бирин көрсетиўди сорап мәмлекетлик хызметлер орайы, БИМХП (my.gov.uz) ямаса Жаслар бирден-бир электрон платформасы арқалы мүрәжат етеди.

“Жаслар дәптери” қорынан көрсетилетуғын жәрдемлер индивидуал режелерге муўапық социаллық шәртнама дүзиў арқалы бериледи.

Социаллық шәртнама шәртлериниң орынланыўы Жаслар бирден-бир электрон платформасы арқалы автомат тәризде мониторинг етиледи.

Мониторинг процесинде социаллық шәртнамада белгиленген ҳәр бир шәрттиң орынланыўы ҳәр айда 100 баллық системада баҳаланады.

Барлық шәртлер бойынша топланған баллардың улыўма жыйындысын шәртлер санына бөлиў арқалы орташа көрсеткиш анықланады.

Кеминде 6 ай даўамында турақлы социаллық шәртнама шәртлерин “айрықша” дәрежеде орынлаған, орташа айлық көрсеткишлери ең жоқары болған 1 000 ға шекем жаслар ҳәр жылы декабрь айында БЕМниң 3 есеси муғдарында ақшалай сыйлықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги