Мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратылады

Мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл 5-январьдағы “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бирден-бир мәнзилли ислесиў системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы 1-санлы қарарды әмелиятқа енгизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов басшылығындағы республикалық жумысшы топар тәрепинен Нөкис қаласындағы “Шымбай шайхана” МПЖда үйрениў жумыслары алып барылды.
Үйрениў процесинде “мәҳәлле жетилиги” тәрепинен Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен усы жылы 27-январь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалар ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған “Жол карталары”нда белгиленген ўазыйпалардың нәтийжели шөлкемлестирилгенине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, “Жол картасы”ның бәнтлерин мәҳәллениң криминоген жағдайына муўапықластырыў, айрықша категориядағы шахслар менен жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў, шаңарақлық зорлықтың алдын алыў бойынша профилактикалық илажларды күшейтиў, мәҳәлле жаслары ҳәм ҳаял-қызлар арасындағы жынаятшылықты толық сапластырыў илажларын көриў бойынша қатаң тапсырмалар берилди.

Буннан соң, мәҳәлле аймағында түнги хызметке тартылған хызметкерлерге сергекликти арттырыў, түнги ўақытта жумыс алып барып атырған асхана, кафе, компьютер ойын ханалары ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орынларында рейд илажларын күшейтиў, мәс ҳалда транспорт қуралын басқарыў жағдайларын анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги