Пайтахтта урбанизация процесслери ҳәм жасыл аймақларды кеңейтиў бойынша усыныслар таныстырылды

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында урбанизация процесслерин раўажландырыў ҳәм жасыл аймақларды кеңейтиў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Кейинги жылларда пайтахт экономикасы ҳәм агломерациясы жедел өсип, Ташкент қаласының турақлы халқы 3,1 миллионнан асты. Соның менен бирге, 2045-жылға барып, қала халқының саны еки еседен зыятқа артыўы прогноз етилмекте. Бул болса урбанизация процесслерин турақ жай, транспорт-логистика, инженерлик тармақлары ҳәм социаллық инфраструктураға түсип атырған жүклемеге сәйкес түрде раўажландырыўды талап етеди.
Сондай-ақ, қала орталығын саламатландырыў ҳәм турмыс сапасын жақсылаў мақсетинде жасыл аймақларды кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген. Атап айтқанда, Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапында жасыл зоналар майданын үш есеге арттырып, 25 мың гектарға жеткериў, халықтың жан басына жасыл майданлардың көлемин 3 квадрат метрден 6 квадрат метрге шекем көбейтиў мақсет етилген.

Өткен дәўирде интакерлер тәрепинен қурылыс бойынша улыўма майданы 2 мың 679 гектар болған 85 жойбар усынысы келип түскен. Презентацияда усы жойбарларды комплексли көрип шығыўдың нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Үйрениў даўамында ҳәр бир жойбарды қала қурылысының бирден-бир қатнасы тийкарында баҳалаў, аймақтың кеминде 30 процентинде жасыл майданлар шөлкемлестириў имканияты, реновация арқалы ескирген аймақларды комплексли жаңалаў ҳәм жер майданы 1 гектарға шекемги киши ҳәм тығыз қурылыслар әмелиятынан ўаз кешиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Көрип шығыў жуўмақларынан келип шығып, 18 жойбарды әмелге асырыўға руқсат бериў, 12 жойбардың жер майданы, қабатлар саны ҳәм жойбар концепциясына өзгерис киргизген ҳалда оптималластырыў усыныс етилген, 54 жойбарды болса концептуаллық жақтан толық қайта көрип шығыў зәрүр деп табылған.
Янгиҳаят районындағы “Жаңа әўлад” арнаўлы санаат зонасын кеңейтиў режелери додаланды. Соның есабынан Ташкент қаласының орайынан ири санаат кәрханаларын басқышпа-басқыш көшириў, жоқары қосымша қун жарататуғын ҳәм экологиялық талапларға жуўап беретуғын өндирислерди жайластырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мақулланған жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде ҳәр жылы қурылыс есабынан қосымша 1,5 миллиард доллар жалпы аймақлық өним, бюджетке 3,5 триллион сум түсимлер қәлиплесиўи ҳәм 260 мың жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.
Презентацияда жасыл аймақларды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Жойбарлардың кеминде 30 процентинде, яғный 400 гектарда жасыл майданлар шөлкемлестириў шәрт екенлиги көрсетип өтилди. Буннан тысқары, Ташкент қаласының 9 аймағында улыўма майданы 134 гектар болған өз алдына жаңа жәмийетлик парклерди қурыў режелери көрип шығылды ҳәм мақулланды.
Жойбарлардан өндирилетуғын инфраструктура төлемлеринен түскен қаржылар, биринши гезекте, жаңа жасыл аймақлар жаратыўға, қалған бөлеги болса қала инфраструктурасы объектлерин қурыўға жумсалыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз пайтахттағы урбанизация процесслерин жәмийетшиликтиң мәплери, саламат орталық ҳәм экология талаплары менен байланыстырған ҳалда раўажландырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
ӨзА