Қудиратов Ғайратжон Суюновичның филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

26

Қудиратов Ғайратжон Суюновичның 10.00.06 – Салыстырмалы әдебияттаныў, салыстырмалы тил билими ҳәм аўдарматаныў қәнигелиги бойынша « Туризм терминлериниң лингвокултурологиялық изертлениўи (инглис, өзбек ҳәм литва тиллери мысалында)» темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертациясының қорғаўы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.03/2025.27.12.Fil.04.07 санлы Илимий кеңестиң 2026-жыл 5-март күнги саат 11:00 деги мәжилисинде (Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәлимлеме-ресурс орайы бас студиясында) болып өтеди.

 

Мәнзил: Нөкис қаласы,

Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай,

Тел: (+99861) 223-60-47, 223-60-78, 223-58-29

Веб-сайт: www.karsu.uz

 email: karsu_info@edu.uz