Париждеги Лувр музейиниң директоры Лоранс де Кар өз қәлеўи менен лаўазымынан кетти

16

The Guardian басылымының дереклерине сүйенип хабар бериўинше, бул қарар музейден 88 миллион евро муғдарында зергерлик буйымлары урланғанынан төрт ай өтип, сондай-ақ, билетлер менен байланыслы алдаўшылық схемасы тергеўиниң артынан қабыл етилген.

Хабарға бола, отставка ҳаққындағы арза Франция президенти Эммануэл Макронға тапсырылған. Макрон де Кардың қәдемин “жуўапкершилик акти” деп атап, оны арза еткен.

19-октябрь күни нықаплы жынаятшылар Луврға кирип, императорлық коллекциясына тийисли тоғыз экспонатты, соның ишинде, Наполеон ҳәм оның зайыбы Жозефинаға тийисли зергерлик буйымларын урлаған. Урлық нәтийжесинде жеткерилген зыян 88 миллион евроға баҳаланған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги