Киберқәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект тараўларында халықаралық бирге ислесиў мәселелери додаланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында киберқәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект бойынша бай тәжирийбеге ийе болған “ARRTECH Corp” ҳәм “Relisecure Corp” компанияларының атқарыўшы директоры Алпер Жем Йылмаз, сондай-ақ, Орайлық Азиядағы жетекши IT-дистрибьюторларынан бири “Elcore Distribution Kazakhstan” компаниясының мәмлекетлер бойынша директоры Назгул Таимова ҳәм жетекши коммуникация менеджери Айнур Максим менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы Санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологиялары секторының баслығы Қуанышбай Сейтназаров, институт ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Қувондиқ Қодиров институтта мәлимлеме технологияларын раўажландырыў, оқыў процесин санластырыў, киберқәўипсизликти тәмийинлеў, сондай-ақ, жасалма интеллект технологияларынан нәтийжели пайдаланыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Илажда мийманлар “Siberkoza” жойбары арқалы Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Пакистан мәмлекетлериндеги 7 университетте шөлкемлестирилген лабораториялар жәрдеминде жаңа әўлад киберқәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект қәнигелерин таярлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў жумыслары алып барылып атырғанын атап өтти.
Ушырасыў даўамында институтта усы жойбар шеңберинде, сондай-ақ, киберқәўипсизлик, жасалма интеллект ҳәм алдынғы технологиялар бойынша стратегиялық инвестиция және бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Илаждан соң мийманлар институттың IT-инкубация орайының жумысы менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги